Бизге белгили, мәмлекетимизде жақын ўақытқа шекем «сая»да болып келген такси хызмети тараўында трансформация жүз бермекте. Ҳәзирги күнге шекем Салық комитети экономиканың бул тармағын легалластырыў бойынша салмақлы нәтийжелерге еристи.
Апрель айында 6 такси агрегаторы салық уйымларының мәлимлеме системалары менен интеграциянланған еди. Бүгинги күнде интеграцияны жуўмақлаған агрегаторлар саны 142 ни қурамақта.
Жылдың басынан 15-августқа шекем агрегаторлар арқалы 166 миллионнан артық қатнаў ушын 3 трлн. сумлық фискал чек берилди. 1-март жағдайына 18,3 млн. қатнаў салыстырылғанда қатнаўлар саны 9 есеге артты.
Бурын рәсмий емес түрде ислеп келген ярым млн.нан артық пуқара 576,1 мың жолаўшы тасыў тараўында өзин-өзи бәнт еткен шахс сыпатында дизимнен өткен. Олардан 361 мыңнан артығы агрегаторлар арқалы хызмет көрсетеди, бул март айындағы көрсеткишлерге салыстырғанда 2 есеге көп.
Төлемлерди фискалластырыў өзин-өзи бәнт еткен айдаўшылардың дәраматлары ҳаққында мағлыўмат алыў имканиятын береди. Олардың дәраматы төмендегише бөлистирилген. 125,6 мыңы 1 млн.сумға шекем, 104 мыңы 1-5 млн.сум, 45,3 мыңы 5-10 млн.сум, 78 мыңы 10-50 млн.сум, 7,6 мыңы, 50-100 млн.сум, 171 айдаўшының дәраматы 100 млн.сумнан артқан.
Бул санлар рәсмий емес бәнтлик ҳәм мийнетке ҳақы төлеўдиң жасырын түрлерин легалластырыўдың нәтийжелерин анық көрсетип тур. Такси базарында жасырын айланыслардың үлесин азайтыў айдаўшылар ҳәм жолаўшылардың ҳуқықлары нызам менен қорғалған әдил ҳәм ашық-айдын базарды жаратыў жолындағы әҳмийетли қәдем болып есапланады.
Ш.Маматуропова,
ӨзА