Инсан қәдир-қымбаты барлық нәрседен үстин туратуғын мәмлекетимизде инсан саламатлығына айрықша итибар қаратылып, бул бойынша кең көлемли илажлар алып барымақта.

Нөкис районы ҳәкимлиги ҳәм  Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң басламасы менен саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў мақсетинде  «Бир болсақ-бир халықпыз, бирлессек-Ўатанбыз!» атамасында ғалабалық жүриў марафоны шөлкемлестирилди.

Илаж даўамында ҳаяллар 5000 қәдем жүрис пенен бирге дене шынығыўларын иследи. Бундай спорт илажлары бәрше мәҳәлледе өткерилиўи режелестирилген.

Бул илажға 300 ден аслам ҳаял-қызлар ҳәм жаслар қамтып алынды.

Соның менен бирге ҳаял-қызларға «Социаллық руўхый орталықты саламатландырыў ҳәм жаңа орталыққа бейимлесиўге кѳмеклесиў» атамасында психологиялық тренинг ѳткерилди.




Онда шаңарақтың беккемлигин тәмийинлеў, шаңарақтағы ажырасыўлардың алдын алыў, некеден ѳтиўшилерде шаңарақлық қәдириятларды сақлаў, шаңарақта саламат руўхый орталықты жаратыў ҳәм ибратлы ата-ана болыў көнликпелери менен  репродуктивлик саламатлық бойынша психолог тренерлер тәрепинен оқыў-сабақлары өткерилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги