Сенаттың елиў бесинши жалпы мәжилисинде «Халықаралық мийнет шөлкеминиң Толық емес жумыс ўақты шараятларында ислеў ҳаққындағы 175-санлы Конвенциясын (Женева, 1994-жыл 24-июнь) ратификациялаў ҳаққында»ғы Нызам көрип шығылды.

Бул конвенция дүньяның 20 мәмлекети тәрепинен ратификацияланған. Конвенцияның мақсети толық емес жумыс ўақты шараятында жумыс ислеўши жумысшылардың мийнет шараятларын, оларды мийнет ҳақы төлеў ҳәм социаллық тәмийнат тараўындағы кемситиўден қорғаўды тәмийинлеў болып есапланады.

Конвенция қағыйдалары толық емес жумыс ўақыты шараятында барлық шахсларға қолланылады. Додалаў даўамында толық емес жумыс ўақтында ислейтуғынлар толық жумыс ўақтында ислейтуғынлар менен бирдей ҳуқық ҳәм социаллық қорғаўға ийе болыўы керек екенлиги атап өтилди.

Сенаторлар Конвенция нормалары Өзбекстан нызамшылығына, сондай-ақ, «Өзбекстан-2030» стратегиясының мақсет ҳәм ўазыйпаларына толық сәйкес келетуғынын атап өтти.

Додалаў ўақтында Конвенцияның ратификацияланыўы толық емес  жумыс ўақты шараятында жумыс ислейтуғын мийнеткешлердиң ҳуқықларын қорғаў ушын қосымша кепилликлер жаратыўға имканият беретуғыны, мийнетти қорғаў миллий системасын және де жетилистириўге салмақлы түртки беретуғыны атап өтилди.

Сенаторлардың атап өтиўинше, Конвенцияның ратификацияланыўы мийнет тараўындағы миллий нызамшылықты жетилистириўге ҳәм халықаралық стандартларды нәтийжели енгизиўди тәмийинлеўге хызмет етеди, сондай-ақ, Өзбекстанның хызметкерлердиң ҳуқықлары кепилликлерин тәмийинлеў бойынша тйикарғы халықаралық принциплер ҳәм стандартларға садықлығын көрсетеди.

Н.Абдураимова,

Р.Назарматов (сүўрет),

ӨзА