Сенаттың елиў бесинши жалпы мәжилисинде «Мәдений естеликлерди сақлаў ҳәм реставрациялаў бойынша халықаралық изертлеў орайы Уставына (Рим, 2013-жыл 29-ноябрь) Өзбекстан Республикасының қосылыўы ҳаққында»ғы Нызам көрип шығылды.
Мәдений естеликлерди сақлаў ҳәм реставрациялаў бойынша халықаралық изертлеў орайы 1956-жылы шөлкемлестирилген болып, оның резиденциясы Римде жайласқан. Ҳәзирги ўақытта 140қа шамалас мәмлекет усы халықаралық шөлкемге ағза болған.
Атап өтилгениндей, Халықаралық изертлеў орайы билимлендириў, мәлимлеме тарқатыў, изертлеўлер ҳәм бирге ислесиў, жәмийетлик кампаниялар арқалы дүнья мәдений мийрасын қәстерлеп-сақлаўға қәнигелескен халықаралық шөлкем болып есапланады.
Халықаралық изертлеў орайы ЮНЕСКОның мәсләҳәт уйымы болып, өз мандаты шеңберинде дүнья мәдений мийрасы объектлеринде әмелге асырыўға мөлшерленген жойбарларды көрип шығыўда тийисли жуўмақлар ҳәм усыныслар таярлаўға жәрдем береди.
Сенаторлардың атап өткениндей, Мәдений естеликлерди сақлаў ҳәм реставрациялаў бойынша халықаралық изертлеў орайы Уставына Өзбекстанның қосылыўы сырт ел тәжирийбесин үйрениў ҳәм енгизиў арқалы тарийхый имаратларды реставрациялаў бойынша жаңа миллий мектепти қәлиплестириў, сондай-ақ, мәмлекетимизде тарийхый естеликлер ҳәм архитектуралық имаратларды реставрациялаў ҳәм консервациялаў имканиятларын кеңейтиў имканиятын береди, деп мәлимлеме береди сенат.уз
Нызам Сенат тәрепинен мақулланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги