Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында “Исбилермен ҳаял” таңлаўының Нөкис қалалық басқышы болып өтти.

Онда онға шамалас исбилермен ҳәм  өнермент өз өнимлери менен қатнасты.

Атап өтилгениндей,  бул таңлаў мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар,  сиясий процесслерди кеңирек үгит-нәсиятлаўда, киши бизнес ҳәм жеке  исбилерменликтиң раўажланыўына белсене қатнасып киятырған ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, мәмлекетимиздиң раўажланыўындағы, жәмийетлик жумыслардағы белсендилиги, бүгинги исбилерменлерди жаратыў ҳәм O’zLiDeP  бағдарламасы менен сайлаўалды платформасында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде турақлы түрде өткерилип келинбекте. Төрешилер қурамының ағзалары қатнасыўшылардың жумыслары менен жақыннан танысып, усы күнге шекемги ерискен табыслары, имканиятлары, келешектеги реже ҳәм кемишиликлерин де үйренди.

Таңлаў қатнасыўшысы Гүлназ Әдилбекова он жылдан берли халқымызға нан өнимлерин жеткерип бериў менен хызмет етип келмекте. Ол басшылық еткен “Adilbek invest Nukus” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде отыздан зыят жастың бәнтлиги тәмийинленген. Өнимлери ишки базарда қарыйдарларына ийе. Төрешилер қурамы оны биринши орынға ылайық деп тапты ҳәм таңлаўдың республикалық басқышына жоллама алды. Екинши орынды “Gulmed – servisа” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы Гүлнара Гайпова, үшинши орынды өнермент Гүлжәҳән  Заримова ийеледи.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги