Быйылғы жылы 15-август күни Транспорт министри Илҳам Маҳкамов Қытайдың «CRRC Zhuzhou Locomotive» компаниясының президенти Ван Сиаолин басшылығындағы делегация ўәкиллери менен ушырасты.
Ушырасыўда жүк ҳәм жолаўшы поездларын ҳәм аўысық бөлеклерин сатып алыў ҳәм Өзбекстанға жеткерип бериўге байланыслы мәселелер додаланды.
Додалаўлар жуўмағында Өзбекстан ҳәм Қытай компаниялары арасында локомотив паркин модернизациялаў ҳәм жаңалаў бойынша шәртнамаға қол қойылды. Атап өтилиўинше, бул шәртнама Ш.Мирзиёевтиң Қытай Халық Республикасына жоқары дәрежедеги сапары даўамында мәмлекет басшылары арасында ерисилген келисимлерге муўапық дүзилген.
Келисимге бола, Қытай компаниясы мәмлекет темир жолларында қолланылып атырған «Өзбекстан» сериялы 12 электровозды модернизациялайды, сондай-ақ, 38 жүк ҳәм жолаўшы электровозлары, тепловозлар ҳәм манёвр локомотивлерин 2034-жылға шекем бөлип-бөлип төлеў шәрти менен жеткерип береди, деп мәлимлеме береди хабар.уз
Қарақалпақстан хабар агентлиги