Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер ислер министрлиги баспасөз хызметиниң мәлимлемесине бола, 15-август күни сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў Бағдарламасының Өзбекстандағы жаңа турақлы ўәкили Акико Фужииди қабыл етти.

СИМ басшысы БМШРБның Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар бағдарламасын турақлы қоллап-қуўатлайтуғынын ҳәм жоқары қәдирлейтуғынын атап өтти. Ушырасыў даўамында мәмлекетимизде турақлы раўажланыў ушын ең жақсы шараятларды жаратыў мақсетинде тығыз бирге ислесиўге келисип алынды.

Министрлик атынан Фужии ханымға елимиздеги келешектеги жумысында табыслар тилеп қаламыз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги