15-август күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының елиў бесинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.

Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасты.

Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген жалпы мәжилисти Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирилип барылды.

Сенаттың жалпы мәжилисинде «Өзбекстан Республикасының Исбилерменлик кодексин тастыйықлаў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Нызам менен тастыйықланып атырған Исбилерменлик кодексинде 100 ден аслам нызамшылық ҳүжжетлерин унификациялаў нәзерде тутылған болып, оның тийкарғы мақсети исбилерменлик тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат.

Сондай-ақ, кодексте пуқаралардың исбилерменлик жумысында еркин қатнасыў ҳәм оннан мәпдар болыў ушын кепилликлер ҳәм шараятлар жаратыў, жеке меншик мүлк, исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгиленбекте.

Кодексте исбилерменлик жумысының тийкарғы принциплери унификациялаған ҳалда беккемленген: нызамлылық, исбилерменлик еркинлиги, исбилерменлик субъектлериниң теңлиги, қалыс бәсеки, коррупциядан жырақлық ҳәм басқалар.

Кодекс пенен исбилерменлик субъектлери киши, орта ҳәм ири категорияларға ажыратылмақта ( әмелде категория сыпатында тек ғана киши исбилерменлик субъекти бар еди).

Жеке тәртиптеги исбилерменлер шуғылланыўы мүмкин болмаған жумыс түрлери белгиленген жағдайда оларға нызамшылықты қадаған етилмеген ҳәр қандай жумысты әмелге асырыў ҳуқықы берилмекте.

Исбилерменликти мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўдың шегаралары менен тәртипке салыўдың түрлери белгиленбекте ҳәм халықаралық стандартларға муўапық ҳаял-қызлар ҳәм жаслар исбилерменлиги ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў системасы енгизилмекте.

Кодексте социаллық исбилерменлик, социаллық кәрхана, халықтың социаллық мүтәж қатламларының дизими ҳәм оларды, атап айтқанда, майыплығы болган шахсларды қоллап-қуўатлаў механизмлери белгиленбекте.

Соның менен бирге, кодексте бизнес-инкубаторлардың ҳуқықый статусы, мақсет ҳәм ўазыйпалары белгиленбекте ҳәм мәмлекетлик кәрханаларда бәсекини шеклейтуғын жеңиллик ҳәм преференциялар бериў қадаған етилмекте.

Исбилерменлик кодексиниң қабыл етилиўи бөлек-бөлек нызамшылық ҳүжжетлерин бирден-бир ҳүжжетке бирлестириў, исбилерменлик тараўындағы нызамшылық ҳүжжетлерин турақластырыў, мәмлекеттиң исбилерменлик тараўына араласыўын азайтыў, сондай-ақ, исбилерменлик ҳуқықы тараўында бирден-бир көзқарасты белгилеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Нызам қызғын додалаўдан соң сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ҳаққында»ғы Конституциялық нызам додаланды.

Бул нызам ҳүкиметтиң жумысын жаңа редакциядағы Конституцияға муўапықластырыў ҳәм оның заманагөй шараятта нәтийжели жумыс алып барыўын тәмийинлеўге қаратылған.

Нызам менен Министрлер Кабинетиниң ўазыйпалары ҳәм ўәкилликлерине тийисли бир қатар өзгерис ҳәм қосымшалар беккемленбекте. Атап айтканда, атқарыў ҳәкимиятының экономика, бюджет, қаржы, салық, социаллық, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўларындағы ўәкилликлери анық белгиленбекте.

Сондай-ақ, Бас министр, оның орынбасарлары ҳәм министрлерди лаўазымға тайынлаў ҳәм лаўазымнан босатыў тәртиби, олардың миннетлемелери, ўазыйпалары ҳәм жеке жуўапкершилиги айқынластырылмақта.

Буннан тысқары, нызамда ҳукимет жумысының жуўапкершилиги ҳәм ашықлыгын арттырыўға қаратылған бир қатар әҳмийетли өзгерислер сәўлеленген. Атап айтқанда, Бас министр, оның орынбасарлары ҳәм министрлер ҳәр жылы Олий Мажлис Нызамшылық палатасына мәмлекетимиз турмысындағы социаллық-экономикалық мәселелер бойынша есабат бериўи нәзерде тутылған.

Ҳүкимет жумысында жумыс тәртибин әпиўайыластырыў ушын жаңаша қозқарасты тәмийинлеў мақсетинде усы нызам менен Министрлер Кабинети шеңбериндеги барлық мәселелер ҳүкимет мәжилислеринде шешилиўи белгилеп қойылмақта.

Соның менен бирге, министрлердиң түрли бағдарлар бойынша жуўапкершилиги ҳәм жеке жуўапкершилиги күшейтилмекте.

Атап айтқанда, өзи басшылық етип атырған министрликте жумысты нәтийжели шөлкемлестириўи, бириктирилген тараў ҳәм тармақларда бирден-бир мәмлекетлик сиясатты нәтийжели алып барыўы, оны раўажландырыў бойынша нәтийже ҳәм ақыбетлер ушын жеке жуўапкер болатуғыны белгиленбекте.

Қызгын өткен додалаўда сенаторлар бул нызамды мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының түрли дәрежелери арасында избе-излик ҳәм ҳәрекетлерди муўапыкластырыў принципине тийкарланатуғынын, бул болса нәтийжели мәмлекетлик басқарыўдың тийкарғы факторы екенин атап өтти.

Додалаў жуўмағында сенаторлар нызам мәмлекетлик басқарыў системасын жетилистириўде, оның нәтийжелилиги ҳәм халық алдындағы жуўапкершилигин және де арттырыўда әҳмийетли екенин атап өтип, оны мақуллады.

Буннан соң, жалпы мәжилисте «Балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Соңғы жыллары балаларға әмелге асырылып атырғын зорлықлардың саны артып бармақта. Әмелдеги ҳуқықый механизмлер оның алдын алыў ҳәм жәбирлениўшилердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаўда жетерли нәтийже бермей атыр.

Соңғы 3 жылда 2 мыңнан артық пуқара судлар тәрепинен ата-аналық ҳуқықынан айырылған, соннан 86 проценти ата-аналық миннетлемелерин орынлаўдан бас тартканлығы ушын жуўапкершиликке тартылған.

Нызам балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў тараўындағы қатнасықларды ҳуқықый тәртипке салады.

Атап айтқанда, зорлық себепли жәбирленген шахс арза менен тийисли ўәкилликли уйымларға яки судқа мүрәжат етиўи, арнаўлы орайларда, сондай-ақ, бийпул телефон линиясы арқалы бийпул ҳуқықый, экономикалық, социаллық, психологиялық, медициналық ҳәм басқа жәрдем алыўы мүмкин екени белгиленбекте.

Нызам менен биринши мәрте жаңа институт енгизилмекте. Зорлықтан жәбирленген балаларға қорғаў ордерин бериў тәртиби жолға қойылмақта. Бул қорғаў ордери ишки ислер уйымлары тәрепинен отыз күн мүддетке шекем бериледи ҳәм ўәкилликли мәмлекетлик уйымның қатнасыўында жәбирлениўшиге тапсырылады.

Егер қәўип еле сапластырылмаған болса, қорғаў ордериниң әмел етиў мүддети зорлықтан жәбирлениўшиниң яки оның нызамлы ўәкилиниң арзасына бола, жынаят ислери бойынша суд тәрепинен бир жылға шекем созылыўы мүмкин.

Нызамда жәбирлениўшиге жеткерилген материаллық зыянның орны қапланатуғыны ҳәм руўхый зыян компенсациясын талап етиў ҳуқықы сәўлелендирилмекте.

Сондай-ақ, нызамда балаларды зорлықтан қорғаў тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары, усы бағдарда жумысын тиккелей әмелге асыратуғын мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлер ҳәм олардың ўәкилликлери анық көрсетип өтилмекте.

Социаллық қорғаў миллий агентлигине зорлықтан жәбирлениўши, сондай-ақ, өзлерине зорлық әмелге асырыўы қәўипи астында болған балаларды анықлаў, олардың есабын жүргизиў ҳәм зәрүр жағдайларда оларға зорлықтың алдын алыўға байланыслы жеке тәртиптеги илажлардың қолланылыўын тәмийинлеў бойынша ўазыйпалар жүкленбекте.

Нызам менен ата-аналардың жуўапкершилиги және бир есеге арттырылмақта. Атап айтканда, ата-аналар балалардың өмири ҳәм саламатлығын қорғаўы, оларға ғамқорлық көрсетиўи ҳәм зыянлы тәсир көрсетиўши мәлимлемеден қорғаўы шәрт екени, балаларды тәрбиялаўда оларды физикалық жазалаў қадаған етилгени нәзерде тутылмақта.

Додалаў процесинде усы нызамның қабыл етилиўи баалардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерине әмел етиў ҳәм оларды ҳүрмет етиўдиң ҳуқықый тийкарларын жетилистириў, балаларға зорлық жағдайларына маўасасыз қатнасықта болыя ҳәм зорлық әмелге асырған шахсларға жуўапкершиликтиң анық екенин тәмийинлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан тысқары, жалпы мәжилисте «Социаллық хызметлер ҳәм жәрдем көрсетиў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде инсан ҳуқықы менен еркинликлерин ҳәм олардың нызамлы мәплерин исенимли қорғаў бағдарында «Инсан мәплери барлық нәрседен уллы»  деген ийгиликли идея тийкарында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, мәмлекетимизде Өзбекстан Республикасы Президенти жанында халықты социаллық қорғаў тараўындағы мәмлекетлик сиясатты әмелге асыратуғын Социаллық қорғаў миллий агентлиги шөлкемлестирилди, оның жанында «Инсан» социаллық хызметлер орайлары жумыс баслады.

Усы мүнәсибет пенен Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң ўәкилликлери, сондай-ақ, халықтың қоллап-қуўатлаўға мүтәж болған қатламларына көрсетилетуғын социаллық хызметлер ҳәм жәрдем түрлерин нызам ҳүжжетлеринде анықластырыў зәрүрлиги жүзеге келмекте.

Усы ҳүжжет пенен айырым нызамларға Социаллық қорғаў миллий агентлигине жерлеў ушын напақаны бериў ўазыйпасын жүклеў, оның ҳаял-қызларды зорлық-зомбылықтан қорғаў тараўындағы ўәкилликлерин белгилеў, сондай-ақ, пуқаралық ислери бойынша судларға ҳәм ҳәкимшилик судларға мүрәжат етиўде мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етиў менен байланыслы өзгерислер киргизилмекте.

Буннан тысқары, нызам менен киргизилип атырған өзгерислерге муўапық басқалардың күтимине мүтәж болған 80 жасқа толған кекселерге қарап турылған ўақыт мийнет стажына қосып есапланыўы ушын емлеў мәкемелериниң жуўмағы талап етилмейди.

Сондай-ақ, басқалардың күтимине мүтәж болған жалғыз баслы кекселерге, жалғыз жасайтуғын кекселерге ҳәм майыплығы болған шахсларға қалалық жолаўшы транспортынан бийпул пайдаланыў ҳуқықы берилмекте.

Нызам менен басқалардың күтимине мүтәж болған жалғыз кекселер, жалғыз жасайтуғын кекселер ҳәм майыплығы болған шахслар жоғалтқан яки жарамсыз ҳалға келген Өзбекстан Республикасы пуқарасының индентификациялаўшы ID-картасы яки биометрикалық паспортын алмастырыўда мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилмекте.

Сондай-ақ, басқалардың күтимине мүтәж болған жалғыз кекселер, жалғыз жасайтуғын кекселер ҳәм майыплығы болған шахслар қәўендерлик етиў ушын қаратылған қаржылар салық базасын анықлаўда шегирип тасланатуғын қәрежетлердиң қатарына киргизилетуғыны белгиленбекте.

Усы нызам менен социаллық қорғаўға мүтәж болған халық қатламларының мәнзилли ҳәм нәтийжели социаллық қорғалыўын күшейтиў, сондай-ақ, социаллық хызметлер ҳәм жәрдем көрсетиў системасын жетилистириў ҳәм олардың сапасын арттырыўға хызмет ететуғыны сенаторлар тәрепинен айрықша атап өтилди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сондай-ақ, жалпы мәжилисте «Өзбекстан Республикасының мәмлекетлердиң космослық кеңисликти изертлеў ҳәм пайдаланыў, соның менен бирге, Ай ҳәм басқа аспан денелери (Лондон, Москва ҳәм Вашингтон, 1967-жыл 27-январь) жумыс принциплери ҳаққындағы Шәртнамаға қосылыўы ҳақкында»ғы нызам додаланды.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде космослық жумыс дүнья жәмийетшилигиниң глобалласыўы ҳәм мәлимлемелестириў процесинде әҳмийетли орын тутпақта.

Дүньяның барлық жетекши ҳәм көплеген раўажланып атырған мәмлекетлери тәрепинен космослық кеңисликти үйрениў ҳәм оннан пайдаланыў бойынша илимий изертлеўлер алып барылып, космослық потенциалдан экономикалық, қорғаныў, техникалық, илимий, оциаллық, мәдений ҳәм халықаралық мәплерди әмелге асырыў ушын пайдаланып келинбекте.

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы халықаралық аренада раўажланған мәмлекетлер менен бирге ислесиў байланысларын үйрениў, беккемлеў, халықаралық ҳуқық нормаларына муўапық миллий мәплерди есапқа алған ҳалда космослық жумысты әмелге асырыў, сондай-ақ, технологиялар трансферин жеделлестириў мақсетинде халықаралық шөлкемлерге ағза болыўы ҳәм халықаралық ҳуқық нормаларына тийкарланған ҳүжжетлерди қабыллаўы яки қосылыўы әҳмийетли мәселелерден бирине айланбақта.

Атап өтилгениндей, Шәртнама 1967-жылы 10-октябрьде күшке кирген ҳәм 2024-жыл жағдайына бола, оған 114 мәмлекет қосылган.

Шәртнаманың ратификацияланыўы Өзбекстанның космослық кеңисликти изертлеў ҳәм оннан пайдаланыў, космостың барлық аймақлары ҳәм аспан денелерине еркин кириў, сондай-ақ, халықаралық космослық жойбарларда, ресурслар ҳәм билимлер алмасыўында қатнасыў имканиятларын ашып береди.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының елиў бесинши жалпы мәжилисиниң биринши жумыс күни жуўмақланды.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенаты

Мәлимлеме хызмети