Мәмлекетимизде жаслардың машқалаларын үйрениў, оларды өз ўақтында шешиў мәселеси ҳәр бир жуўапкерге үлкен жуўапкершилик жүклейди.

Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Озода Парпибоева өзине бириктирилген (30) мәмлекет ғамқорлығын ҳәм итибарын күтип атырған, жәрдемге мүтәж  жаслар менен ушырасты.

Ашық-айдын сөлесиў тәризинде өткерилген ушырасыў алдында Комитет баслығы Президентимиз тәрепинен жасларды қорғаўға байланыслы енгизилген жаңа системаның мазмун-мәнисин және бир мәрте ҳәр тәреплеме түсиндирип берди.

Сондай-ақ, Парижде болып өткен Олимпиада жарысларында жасларымыз тәрепинен  ерисилген жеңислерге айрықша тоқтап өтилди.

Оғада қызғын ҳәм мазмунлы өткен сәўбетте жаслар профилактикалық есап, пробация қадағалаўынан шығыў, мүддетли  әскерий хызмет, жумысқа ҳәм оқыўға кириў, денсаўлықты және де жақсылаў, перзентин мектепке шекем билимлендириў мәкемелерине жайластырыў ҳәм басқа бир қатар мәселелер бойынша мағлыўматқа ийе болды.

Соның менен бирге, айырым сораўлар бойынша жеке тәртипте сөйлесилди.

Илаж даўамында анықланған барлық машқала ҳәм кемшиликлерди шешиўдиң зәрүр илажлары ҳәм оларды әмелге асырыў мүддетлери белгилеп алынды.

«Басшы ҳәм жаслар» дүркининдеги ушырасыўлар түрли социаллық машқалаларға тез ҳәм өз ўақтында шешим табыў имканиятын бермекте.

 

Н.Усмонова, ӨзА