Бүгин, 2024-жыл 16-август күни, Ташкент қаласында Олий Мажлис Сенатының елиў бесинши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирмекте.
Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнаспақта.
Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилип атырған жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Танзила Нарбаева алып бармақта.
Жалпы мәжилисте көрип шығылатуғын мәселелерди Сенаттың YouTube тармағындағы каналы арқалы онлайн бақлап барыўыңыз мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги