2024-жыл 15-август күни Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў бағдарламасы ўәкиллеринен ибарат делегация Мойнақ районында болды.
Мақсет – БМШ РБ тәрепинен экологиялық дағдарыстың ақыбетлерин жумсартыў бағдарында әмелге асырылған жойбарлардың қандай дәрежеде екенлиги ҳәм берилген имканиятлардан халқымыздың нәтийжели пайдаланып атырғанлығы менен танысыўдан ибарат.
Мийманлар дәслеп Арал теңизи тарийхы ҳәм ашық аспан астындағы кемелер музейлеринде болып, суўы тартылған теңиздиң өтмиши ҳәм бүгини ҳаққында мағлыўматларға ийе болды.
Буннан соң, Мойнақ кәсип-өнер мектебиндеги жумыссыз пуқараларды кәсипке қайта таярлаў мақсетинде шөлкемлестирилген моноорайдағы жойбарларды үйренип, ол жерде оқып атырғанлар менен сәўбетте болды.
Кейинги мәнзил 3-санлы улыўма орта билим бериў мектеби болды. Бул жерде де БМШ тәрепинен исленген жойбарлар тийкарында балалардың санитариялық-эпидемиологиялық жағдайын жақсылаў бағдарында алып барылған жойбарлар менен танысты.
Делегация ағзалары район ҳәкими Б.Менглибековқа жыллы жүзлилик пенен қарсы алғаны ҳәм миймандослығы ушын миннетдаршылық билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги