«Uzbekistan Airways» компаниясы тәрепинен Малайзияда «Өзбекстан бойлап саяхат» темасында бизнес семинар шөлкемлестирилди.  Илаж Өзбекстан Республикасының усы мәмлекеттеги елшиханасы ҳәм «Suka Travel & Tours» жетекши жергиликли компаниясының жәрдеминде болып өтти.

Илаж шеңберинде Малайзияның 40  тан аслам туристлик компаниясының ўәкиллери зыярат, тарийхый-мәдений, гастрономиялық туризм бағдарламалары, сондай-ақ, «Умра+» туристлик бағдарлары менен танысты.

Малайзия – Малакка ярым  атаўы ҳәм Калимантан атаўының бир бөлегин ийелеген Қубла-Шығыс Азиядағы мәмлекет. Ол өзиниң пляжлары, тропикалық тоғайлары және Малайзия, Қытай, Ҳинд ҳәм Европа дәстүрлерин үйлестирген әжайып мәденияты менен танылған. Мәмлекет пайтахты Куала-Лумпур пүткил дүньяға Букит-Бинтанг саўда районына сулыўландырып турған колониал ҳәм бийик имаратлар, соның ишинде, бийиклиги 451 метр болған «Petronas» егизек имаратлары менен белгили.

Роман БОНДАРЧУК, ӨзА