Париж Олимпиадасында қатнасқан қазақстанлы спортшыларда COVID-19 анықланды. Бул ҳаққында президент баспасөз хаткери Берик Уали мәлим етти.
Қазақстан президенти Қасым-Жомарт Тоқаев 2024-жылғы Олимпиадада сыйлы орынларды қолға киргизген спортшы ҳәм тренерлерди мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықлаған. Сиясатшы олар менен ушырасыўды режелестирген. Бирақ олардың айырымлары коронавирусқа шатылғаны мәлим болған.
«Өкинишлиси, айырым спортшылар ҳәм тренерлерде ковид анықланды, сол себепли ушырасыўды кейинге қалдырыўға туўра келди. Спортшыларымызға тезирек саўалып кетиўин тилеймиз», дейди Тоқаевтың баспасөз хаткери.
Оның сөзлерине бола, спортшылардың президент пенен ушырасыўы август айы ақырында Ақордада өткерилиўи режелестирилген ҳәм әлбетте болып өтеди.
«Командамыздың 3 сыйлық ийеси ҳәм 2 тренеринде COVID-19 анықланды. Олардың PZR-тести унамлы нәтийже берди. Үш спортшы да Париж Олимпиадасы сыйлы ийелери. Әйне пайытта олар изоляцияланған. Емленбекте, кеселлик жеңил өтпекте», дейди туризм ҳәм спорт министриниң жәмийетлик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен байланыслар бойынша мәсләҳәтшиси Диас Ахметшарип.
Қарақалпақстан хабар агентлиги