“Ең уллы, ең әзиз” таңлаўы жеңимпазлары сыйлықланды

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз үш жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарарына муўапық орынларда ҳәр қыйлы руўхый-ағартыўшылық, үгит-нәсият, мәдений илажлар басланып кетти.
Усы қарарда Көркем өнер академиясы, Жазыўшылар аўқамы, Журналистлер аўқамы менен биргеликте «Ана дияр – реңлер жилўасында», «Ўатан ушын жасайық!, «Ең уллы, ең әзиз» сыяқлы дәстүрий таңлаўларды жоқары дәрежеде өткериўди тәмийинлеў бойынша да ўазыйпалар белгиленген.
Мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң отыз үш жыллығына арналған “Ең уллы, ең әзиз” республика таңлаўы жеңимпазларын сыйлықлаў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң секретариат баслығы И.Сейтбеков, Жазыўшылар аўқамы баслығының орынбасары Б.Ерназаров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам менен қызғын қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди.




Таңлаў барысында дөретиўшилердиң, баспа ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң мақалалары, ғалаба хабар қуралы ретинде мәмлекетлик дизимге алынған веб-сайт хызметкерлериниң журналистлик жумыслары, телевидение ҳәм радио дөретиўшилериниң материаллары, журналистлер тәрепинен жәрияланған публицистикалық темадағы китаплар, жазыўшы ҳәм шайырлардың шығармалары, кино көркем өнери дөретпелери, сүўретлеў көркем өнери, фото дөретпелери ҳәм дизайн жумыслары үйренилип, баҳаланған.
Илажда усы бағдарлар бойынша белгиленген номинация жеңимпазларына диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, бул таңлаў 1997-жылғы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарына тийкарланып шөлкемлестирилип, 27 жылдан берли өткерилип келинбекте.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги
М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери