15-август күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Өзбекстан менен Россия арасындағы  көп тәреплемели бирге ислесиўди және де кеңейтиў, кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын тереңлестириў мәселелери көрип шығылды.

Өзбекстан ҳәм Россия Президентлери усы жылдың 26-28-май күнлери Россия Федерациясы Президентиниң Өзбекстан Республикасына мәмлекетлик сапары даўамында ерисилген келисимлердиң орынланыў барысын додалады.

Товар алмасыў көлемин арттырыў, еки мәмлекеттиң жетекши  кәрханалары ҳәм аймақлары арасындағы кооперация байланысларын раўажландырыў, биргеликтеги инвестициялық жойбарлар ҳәм гуманитарлық бағдарламаларды әмелге асырыў бойынша муўапықластырылған илажлар көриў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Сөйлесиў ўақтында болажақ еки ҳәм көп тәреплемели илажлар режеси де көрип шығылды.

ӨзА