Өзбекстан – Кувейт: Пайдаланылмаған үлкен потенциал бар

164

Кувейт мәлимлеме агентлиги – Өзбекстан сыртқы сиясат уйымы басшысы Бахтиёр Саидовтың усы мәмлекет сыртқы ислер министри Абдуллоҳ Али Ал-Яҳё ҳәм басқа бир қатар жуўапкерлер менен ушырасқанын  толық сәўлелендирди.

– Кәсиплесим менен еки тәреплеме күн тәртибиндеги барлық бағдарларды додаладық, – деди Б.Саидов сырт ел ҒХҚ ның хабаршысына. – Әлбетте, шериклигимизде еле пайдаланылмаған үлкен потенциал бар. Экономикалық қатнасықты хошаметлеў, регионлараралық байланыслылықты беккемлеў,  турақлы алмасыўды жеделлестириў, өз-ара  шартнамалық-хуқықый тийкарды күшейтиў, халықларымыз арасындағы қатнасықты   және де жақсылаў ҳәм кадрлар потенциалын арттырыў тийкарғы ўазыйпаларымыз  болып қалмақта. Сондай-ақ, еки мәмлекет Сыртқы ислер  министрликлери арасында дипломатиялық кадрлар таярлайтуғын жоқары оқыў орынларының бирге ислесиўи ҳаққында өз-ара Келисим меморандумына қол қойдық.


Мәмлекетимиздиң сыртқы сиясат уйымы басшысының Кувейт қаржы ҳәм экономикалық жумыслар ҳәм инвестиция бойынша мәмлекет министри доктор Анвар Али Ал-Мудаф пенен сөйлесиўи даўамында ноябрь айында Ташкентте болып өтетуғын Саўда бойынша ҳүкиметлераралық комиссияның биринши мәжилиси ушын мазмунлы күн тәртибин дүзиў зәрүр екенлигине әҳмийет қаратылды. Өз-ара саўданы күшейтиў ҳәм диверсификациялаў, B2B қатнасықларды турақлы хошаметлеў, биргеликтеги жойбарларды қоллап-қуўатлаўға келисип алынды.


Өзбекстанлы дипломат ҳәм Кувейт тәрепинен инвестиция агентлигиниң атқарыўшы директоры  Ғаним Сулаймон Ал-Ғаним  арасындағы ушырасыўда тийисли тараўлардағы  бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары көрип шығылды.

Сөйлесиў күн тәртибинен өз-ара пайдалы биргеликтеги жойбарларды жолға қойыў, ең алдынғы жәҳән тәжирийбеси, инновация ҳәм жаңа билимлерди мәмлекетимизге тартыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер орын алды.

Б.Саидовтың сапары шеңберинде «Fouad Alghanim & Sons Group»тың тийкарын салыўшысы Фуад Муҳаммад Сунён Ал-Ғаним менен де сәўбетлести.

Кувейт Саўда-санаат палатасы жәрдеминде еки мәмлекеттен 200 ден аслам ўәкил қатнасқан бизнес-форумда Өзбекстан сыртқы ислер министри жергиликли инвесторларды, атап айтқанда, инфраструктура ҳәм энергетика тараўларында пайдалы имканиятларды  үйрениў ушын елимизге мирәт етти.

– Делегациямыз қурамында азық-аўқат ислеп шығарыў, аўыл хожалығы, жеңил санаат,  медицина буйымлары, кондитерлик фабрикалар, қусшылық сыяқлы тараўлардың ўәкиллери бар, – деди Саидов әнжуманда шығып сөйлеген сөзинде.

Өз гезегинде, Саўда ҳәм санаат министрлиги хаткериниң орынбасары ўазыйпасын атқарыўшы Солиҳ Ал-Азмий соңғы ўақытта бақланып атырған халықаралық машқалалар глобал саўда сиясаты орталығын сезилерли дәрежеде өзгерткенин атап өтти. Соның менен бирге, заманагөй сиясатты қабыл еткен ҳалда еркин саўда принципин беккемлеў  ҳәм саўда алмасыў көлемин кеңейтиў ҳәм зәрүр дәреклерди  диверсификациялаў ушын еки ҳәм көп тәреплемели халықаралық шәртнамалар дүзиў әҳмийетли екенлигин тастыйықлады.

Ал-Азмий Өзбекстан тәрепиниң басламасы менен алға қойылған коммерциялық бирге ислесиў  ҳаққындағы меморандум жойбарын мақуллады. Оның пикиринше, бул ҳүжжет саўда алмасыўды жеделлестириў ушын еки тәреплеме тийкар ўазыйпасын атқарады. Басшы бар инвестициялық бирге ислесиў имканиятын үйрениў мақсетинде биргеликтеги саўда комитетиниң дүзилиўине итибар қаратты.

Және бир тийкарғы ўазыйпа – Өзбекстан ҳәм Кувейт арасында ҳаўа қатнаўын көбейтиў  мақсетинде «Jazeera Airways» басқармасы ағзасы, «Boodai Corporation» бас директоры Мишал Ал-Усаимий менен тийисли мәселелер додаланды.

Муҳаррама Пирматова, ӨзА