Олий Мажлис Сенатының елиў бесинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады

140

Бүгин, 15-август күни, Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының елиў бесинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.

Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнаспақта.

Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилип атырған жалпы мәжилисте Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева алып бармақта.

Жалпы мәжилисте мәселелерди додалаўы процесин Сенаттың YouTube таромағындағы бети арқалы онлайн бақлап барыўыңыз мүмкин, деп мәлимлеме береди сенат.уз

Қарақалпақстан хабар агентлиги