Оқыўды көшириў бойынша тест сынақларының сәнеси жәрияланды

Студентлер оқыўын сырт мәмлекетлердеги ЖООлардан, сондай-ақ, Өзбекстандағы сырт ел ҳәм мәмлекетлик емес ЖООлардан мәмлекетлик ЖООларға көшириў ушын тест сынақлары 19-20-август күнлери болып өтеди. Бул ҳаққында билимлерди баҳалаў агентлигиниң жуўапкерлери мәлим етти.
Тест сынақлары еки сменада шөлкемлестириледи. Биринши смена 08:00 ден 11:00ге шекем, екинши смена болса 15:00 ден 18:00 ге шекем.
Мағлыўмат ушын, тест сынақлары 2 қәнигелик ҳәм 3 мәжбүрий пән бойынша өткериледи. Мәжбүрий болған 3 пән – ана тили (өзбек, рус яки қарақалпақ тили), математика ҳәм Өзбекстан тарийхы пәнинен 10 нан жәми 30 сораў бериледи.
Бакалавриат билимлендириў бағдарына сәйкес болған 2 қәнигелик пәнниң ҳәр биринен 30 дан сораў бериледи.
Агентлик талабанлардан тест сынағы өткерилетуғын имаратқа рухсатнамада белгиленген ўақыттан кешикпей, паспорт (ID-карта) ҳәм рухсатнама менен келиўин сораған. Талабанлар тест сынағында қатнасыў ушын рухсатнаманы Билимлерди баҳалаў агентлигиниң my.uzbmb.uz сайтынан алыўы мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги