“Шуқырқақ”та байрам нәпеси

Ең уллы, ең әзийз байрам, мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы алдынан Елликқала районының сектор басшылары, бир қатар мәкемелердиң жуўапкер хызметкерлери ең шетки аймақ есапланған “Шуқырқақ” мәкан пуқаралар жыйынының турғынлары менен ушырасып, олардың кеўиллерин көтериў, машқалаларын үйрениў мақсетинде усы аўылда болды.
Ең дәслеп сектор басшылары аймақ турғынлары менен ушырасты. Ашық-айдын пикирлесиў тәризинде өткен ушырасыўда пуқаралар өзлерин қыйнап киятырған машқалалар бойынша мүрәжат етти. Олардың пикирлеринен бүгинги турмысынан разы екенлигин аңлаўға болады. Ҳәр бир күнге шүкиршилик етип, шетки аймақта жасап атырған халыққа қанша миннетдаршылық билдирсең арзыйды. Халқының шыдамлылығы, бир-бирине болған сыйласығы, ҳүрмет-иззети ески үрп-әдетлериниң ата-бабалардан сақланып киятырғанынан дәрек береди.
Соңғы жыллары “Шуқырқақ”мәкан пуқаралар жыйынында көплеген унамлы өзгерислер жүз бермекте. Атап айтқанда, аймақта базар ярмаркасы турақлы шөлкемлестирилип, кем тәмийинленген 6 шаңараққа, мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине, аўыллық шыпакерлик пунктине қуяш панельлери орнатып берилди. Район орайына ҳәптесине бир мәрте қатнайтуғын автобус жолға қойылды.

Сондай-ақ, балалар ушын жаңадан “Workout” майданшасы қурылып, суўды фильтрлеўши 3 дана двигатель оңлап берилди. Кадастры жоқ үйлерге ҳүжжетлери рәсмийлестирилди. Пуқаралардың мүрәжаты бойынша жаңадан мектеп қурып берилди.
Мәкан пуқаралар жыйынының жаслары менен ушырасыў өзгеше тәризде өтти. Олар тәрепинен билдирилген ҳәр бир мүрәжат сектор басшылары тәрепинен итибарға алынды. Ушырасыў соңында аймақ жасларына китаплар, мектеп формалары ҳәм спорт әнжамлары саўға ретинде берилди.

Район ҳәкими В.Ниязимбетов тәрепинен аймақта жумыс алып барыўшы мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси, шаңарақлық шыпакерлик пункти, улыўма билим бериў мектеби, ЭКОС жумыслары көзден өткерилди. Машқалалар орнында үйренилди.

Аймақта арзанластырылған саўда ярмаркасы шөлкемлестирилди. Мәкан пуқаралар жыйынының турғынлары бул жерде мектеп формаларын, азық-аўқат затларын, күнделикли тутыныў буйымларын арзан баҳаларда сатып алыў имканиятына ийе болды. Кексе әўлад ўәкиллерине коммерциялық банклер тәрепинен пенсия пуллары усы жерде тарқатылды.

Әлбетте, бундай ғамқорлықтан кеўли толған инсанлар өз миннетдаршылығын билдирип, ҳәмийше мәмлекетимиздиң итибарында екенлигин айрықша қанаатланыўшылық пенен билдирди. Мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 33 жыллық байрамы алдынан өткерилген илаж жәмийетимизде мийрим-шәпәәт, адамгершилик, ҳүрмет-иззет сыяқлы пазыйлетлерди күшейтиў менен бирге бәршени саўаплы ислерге руўхландырды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги