Нызамсыз жумыстан босатылган хызметкер қайта тикленди

332

Пуқара Ж.Икпалов “Қарақалпақ суў тәмийнаты”  акционерлик жәмийети Хожели районлық бөлиминде ислеп жүрип, усы жылдың 29-март күни тийкарсыз жумыстан босатылған.

Әдилликти тиклеў мақсетинде ол пуқаралық ислер бойынша Нөкис районлар аралық судына жумысқа тиклеп бериўди сорап мүрәжат етти. Суд оның даўа арзасын қанаатландырып, жумысқа тиклеў бойынша қарар қабыл етти.  Усы қарар бойынша 2024-жылдың 5 июнь күни шығарылған орынлаў қағазы тийкарында “Қарақалпақ суў таъминаты”  акционерлик жәмийетиниң усы жыл 29-март күнги буйрығын бийкарлаў,  Хожели бөлиминиң қадағалаўшысы лаўазымына қайта тиклеў белгиленген. Соған қарамастан, жуўапкер акционерлик жәмийет тәрепинен суд қарарының орынланыўы тәмийинленбеген ҳәм пуқара өзиниң жумыс орнына тикленбеген.

Буннан кейин пуқара суд қарары тийкарында шығарылған орынлаў қағазының орынланыўын тәмийинлеп бериўди сорап, Мәжбүрий орынлаў бюросы Нөкис қалалық бөлимине мүрәжат етти. Бөлимниң мәмлекетлик орынлаўшысы тәрепинен алып барылған мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлери нәтийжесинде пуқара Ж.Иқпалов усы жылдың 9-август күни акционерлик жәмийети директорының буйрығы тийкарында өзиниң бурынға жумыс орнына тикленди ҳәм суд қарарының әмелде орынланыўы тәмийинленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги