Айнаның алдында турып, сыртқы эстетикамды туўрылап атыр едим. Себеби, мен ҳәзир «Жылдың ең жақсы фотосүўретшиси» таңлаўының сыйлықлаў мәресимине кетип баратырман. Айна маған алдын болған ўақыяларды еслеўиме түртки болды. Мен еслей алдым…
…Сол ўақытта қатты қорқынышта едим. Урыс болып атыр. Адамлардың қолларында қурал-жарақ, ал мениң қолымда қара фотоаппарат. Себеби, мен фотожурналистпен. Тапсырма менен бул жерлерге келип қалған едим. Урыс майданында түрли көринислерди ҳәр қыйлы түрли ракурсларда алып атырман. Кимиси қыйналған, кимиси жылап атырған. Өзимниң кәсибиме садықпан. Биреўге жәрдем бергим де келип турады. Лекин, буның илажы жоқ…
Бир ўақытта жанымда турған достым мени өзине қарай шақырды. «Қайтыў керек», «Қаш-қаш!» деген даўыслар қулағыма еситилди. Бир өзим қалдым. Фотоаппаратым қолымда. Қолларым қалтырап баратыр. Сол ўақытта бир қыздың жылаған даўысы еситилгендей болды. Әсте қарадым. Қарасам, басына қурал тирелип турған кишкене қызды көрдим. Көзимниң алдында түрли қыяллар. Қыздың қыйналып турғанын көрип, өзиме-өзим сораў бердим. «Адам болып қызды қутқарайын ба, яки кәсибиме садық болып сүўретке алыўды даўам етейин бе?» … Не ислеўим керек?…
…Бир ўақыттың ишинде түрли ойлар, түрли қыяллар мени қатты искенжеге алды.
Фотолар шырт-шырт етип избе-из алынбақта, бирақ қыздың жаны аўырып атыр. Фотолар шырт-шырт етип избе-из түсирилмекте, ал қыздың жаны қыл үстинде. Қыздың ҳәр бир микросекундтағы қыймылы ҳәм бет-әлпетиндеги ҳәрекетлер сүўретке алынып атыр, алынып атыр… Бирақ оның шыбын жаны қыйылыў алдында. Саат тиллери қулағымның түбинде: шық-шық, шық-шық… Усы ўақытта қызға оқ атылды. Ал, мен сүўретке алыўды даўам еттим. Бирақ, кеўлим музлап кетти. Көзимнен жас атылып шықты. Мен өзимди ҳеш ўақытта кешире алмайман. Неге мен өзимди айыплап атырман? Ақыры, мен өз ўазыйпамды атқардым ғо. Кәсибиме садық қалдым, бирақ бийшара қыз бул өмирден ерте көз жумды…
…Мен еле айнаның алдындаман. Мәресим басланатуғын ўақыт шамаласпақта. Сол бир ўақыяны есимнен шығара алмай атырман. Мен мәресимге жол алдым…
…«Жылдың ең жақсы фотосүўретшиси» деп мениң атым шыққан ўақтында орнымнан тура алмай қалдым. Сол ўақытта қызды фотоға алыўым емес, ал адамгершилик ислеп қызды аман алып қалыўым керек еди» – деп қайта-қайта өзимди-өзим тергеп атырман. Енди ойлағаннан пайда жоқ…
…Мен жеңиске еристим (жеңиске еристим бе екен?!), бирақ оны (сыйлықты) алғым келмеди. Сахнаға шықпадым. Сыртқа қарай атылдым. Мен фотосүўретшимен, журналистпен, лекин адамман ба?! Яқ, мен адам емеспен, бирақ журналистпен. Кәсип табылады, ал адамгершилик ше? Сол түсирилген фотосүўрет өмирим даўамында сирә есимнен шықпайды, маған тынышлық бермейди. Ҳәр ўақыт айнаға қарасам, сол бир ўақыяны еслей беремен… Мен сол қыздан кеширим сорайман!
Автор көз-қарасынан бул ўақыяға қандай пикир айтыўымды да билмеймен. Әзиз дослар, егер бундай ўақыя сизлердиң өмириңизде де жүз берсе, сизлер қандай жол тутар едиңиз? Кәсипке садықлық, яки өмир ушын гүрес, яғный адамгершилик… Бир нәрсе деў қыйын.
Жуўмақ шығарыўды өзиңизге қалдыраман, әзизлер!
(Мақала инглиз режиссёры Сюзан Жейкобсонның 2006-жылы түсирилген «Жүзден бир секунд» қысқа метражлы кино ўақыясы тийкарында таярланды)
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы