Ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланбақта

177

Мәмлекетимизде исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў, олардың жумысларын жетилистириў сондай-ақ, жеңиллетилген кредитлер ҳәм субсидиялар тийкарында жумыс нәнийжелилигин арттырыўға кең мүмкиншиклер жаратылмақта.

Бул жумыслар Нөкис районында да жақсы жолға қойылып, мәҳәлледеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен исбилерменлердиң машқалаларын үйрениў ҳәм оларға жақыннан жәрдем бериў бойынша жумыслар алып барылмақта.

Райондағы «Саманбай» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы ҳәким жәрдемшиси Р.Рзаевтың исбилерменлер менен өткерген сәўбетлесиўинде  исбилерменлерге  жеңиллетилген кредит ҳәм усыныслар бериў арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыў имканиятлары жаратылып атырғанлығы атап өтилди.

Аймақтағы «Констрент» жуўапкершилиги шекленген жәмийети басшысы Р. Алиева  усы жылдың март айында  ҳәким жәрдемшиси арқалы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 14-сентябрь күнги «Киши бизнести раўажландырыўды қаржылай ҳәм институционаллық  қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында» ғы  қарары тийкарында 100 млн сум кредит алып, ишимлик суўын қайта ислеў ҳәм муз қаймақ  ислеп шығарыўшы әсбап-үскенелер алып келинди. Бул имканиятлардан орынлы пайдаланған исбилермен халыққа хызмет көрсетип келмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги