АҚШ коммерциалық компаниялары Өзбекстан базарына кириўге умтылмақта

213

АҚШ бизнеси Өзбекстанның өсип баратырған базарына барған сайын тереңирек кириўге умтылмақта. Бул ҳаққында Мәмлекетлик департамент баспасөз хызмети берген мағлыўматқа тийкарланып, «Тренд» басылымы хабар берди.

Американың жетекши коммерциалық компанияларының ўәкиллери мәмлекетимиз бенен бирге ислесиў бойынша көп мәрте саўда бөлимине мүрәжат еткен: мақсет раўажланып атырған базарға қәрежет киргизиў ҳәм пайдалы бирге ислесиўге ерисиў.

Хабарнамада баспасөз хаткериниң төмендеги сөзлери силтеме ретинде келтирилген:

– Товарларымызды алып кириў тексериў ҳәм сертификатлаўды талап етеди. Бул процессти тезлестириў аўыл хожалығы ҳәм шарўашылық өнимлерин жергиликли тутыныўшыларға жеткериўде жәрдем береди. АҚШтан технология, санаат үскенеси ҳәм ислеп шығарылған өним жеткерип бериўшилер мәмлекеттиң сатып алынған заты имканиятынан келип шығып, Өзбекстандағы шериклер менен ислесиўге оғада үлкен қызығыўшылық билдирмекте. Биз реформаларды әмелге асырыў, атап айтқанда, экономикалық мәселеде де жәрдем бериўге таярмыз. Кейинги жыллары алып барылып атырған экономикалық реформалар нәтийжесинде мәмлекетте қаржы орташа сезилерли дәрежеде жақсыланды. Гезектеги унамлы өзгерислер Өзбекстанға және де көбирек қаржы ҳәм техникалық тәжирийбе алып кириўи мүмкин. Улыўма, биз Орайлық Азия ҳәм Қубла Кавказ ҳүкиметлери тәрепинен батысқа – Европаға қарағанда регионаллық байланысты қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылып атырған көп тәреплемели ис-ҳәрекетти алғыслаймыз ҳәм хошаметлеймиз. Бул процесс және де қәўипсиз, турақлы ҳәм абадан регион жаратыўға жәрдем береди.

АҚШ компаниялары Өзбекстан инфраструктурасына инвестиция киргизиў имканиятын да жедел үйренбекте. Таллаўлар өзин ақласа, стратегиялық жойбарларға қол урылыўы билдирилген:

– Глобал инфраструктура бойынша бирге ислесиў арқалы АҚШ ҳәзир Транс Каспий халықаралық бағдарындағы стратегиялық идеяларды турмысқа енгизиў режесин дүзбекте. Усы бағдарда жойбарларға техникалық жәрдем көрсетиў, ҳүжжетлерди таярлаў ҳәм қаржыландырыўға үлес қосатуғын инфраструктура инвестициялары бағдарланатуғын тараўлар анықланбақта.

 

Ш.Маматуропова,

ӨзА