Тосқынлықсыз туризмге тийисли нызам тастыйықланды

151

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен «Тосқынлықсыз туризм арқалы имканиятларды және де кеңейтиў бойынша қолайлы шараятлар жаратыў илажлары ҳаққында» қарар қабыл етилди.

Оған муўапық, Мийманхана хызметлерин көрсетип атырған исбилерменлик субъектлерине инфраструктураны майыплығы болған шахслар ушын бейимлестириў қәрежетлериниң бир бөлегин қаплап бериў тәртиби ҳаққындағы ўақтыншалық Реже тастыйықланды.

Бул Реже мийманхана хызметлерин көрсетип атырған исбилерменлик субъектлерине мийманхана ханаларын майыплығы болған шахслар ушын Бейимлестириў бойынша қәрежетлердиң бир бөлегин Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги жанындағы Туризм комитетиниң бюджеттен тысқары Туризмди қоллап-қуўатлаў қоры қәрежетлери есабынан қаплап бериўдиң ўақтыншалық тәртибин белгилейди.

Реже 2027-жылы 1-январьға шекем әмел етеди.

Қарарға бола, Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги жанындағы Туризм комитети 2027-жыл 1-январьға шекем Туризмди қоллап-қуўатлаў қоры қәрежетлери есабынан:

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында мың I ҳәм II топар майыплығы болған пуқараға Өзбекстан бойынша саяхат етиў қәрежетлериниң 50 проценти, бирақ 500 мың сумнан аспаған бөлеги;

еситиў қәбилетинен айырылған майыплығы болған шахслар ушын сурдогидлер таярлаў курслары қәрежетлериниң 50 процентин қаплап бериў тәртиби ислеп шығылады.

 

ӨзА