Қараөзекте еки жасқа турақ жай тапсырылды

Қараөзек районындағы Есимөзек АПЖ да жасаўшы Бахтияр Пахратдинов ҳәм Ата мәкан МПЖ аймағында жасаўшы Адилбай Палўанбаевлар кем тәмийинленген, ғамхорлыққа мүтәж жаслардың бири.
Быйылғы ғәрезсизлигимиздиң 33 жыллық байрамы алдынан олар ушын есте қаларлықтай қуўанышлы ўақыя болды. Себеби, бул еки жасқа да райондағы көп қабатлы турақ жайлардан барлық қолайлықларға ийе еки ҳәм үш ханалы турақ жайлар саўға етилди.
Район ҳәкими А.Баймуратов, тараў басшылары менен бирге турақ жай ийелерине жаңа турақ жайларының гилтин тапсырып, оларға жақсы тилеклерин билдирди ҳәм шараятлары менен танысты.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-август күнги “Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың жаңа системасын ен жайдырыў илажлары ҳаққында” ғы қарарына тийкарланып, бағыўшысын жоғалтқан жасларымызды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, оларды турақ жай менен тәмийинлеў мәселесине айрықша итибар қаратылмақта.
Әлбетте, миллетимизге сай болған мийрим-шәпәәт, ғамхорлыққа мүтәж инсанларға жәрдем көрсетиўге қаратылған бул баслама бүгин ҳәр бир аймақта өзиниң әмелий тастыйығын таппақта.

Жаслар да Президентимиздиң жасларға жаратып атырған имканиятларынан кеўиллери толып, өз миннетдаршылығын билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги