Опта суперкомпьютери 2024-2025-жылғы Англия Премьер Лигасы чемпионлығын қолға киргизетуғын клубты болжады.
Сондай-ақ, 10 000 мәўсим симуляциядан кейин турнир кестесиндеги жоқары төртликти қайсы командалар ийелейтуғынын шамалаған.
Оған бола, «Манчестер Сити»ге чемпионлығы ушын 82,2 процент имканият берилген. Суперкомпьютер Пеп Гвардиоло шәкиртлери қатарына бесинши мәрте чемпион болыўы мүмкинлигин көрсетпекте.
«Арсенал» избе-из үшинши жыл екинши орынды ийелемекте. Олардың «Сити»ден бас сыйлықты алып қойыў имканияты 12,2 процентке тең.
Арне Слот жаңа бас тренер болатуғын «Ливерпуль» 5,1 процент пенен Премьер Лига чемпионлығы ушын талабан есапланады.
Сондай-ақ, «Челси»де жаңа бас тренер тайынланды ҳәм клуб чемпионатты УЕФА Чемпионлар Лигасы жолламасы берилетуғын орынларда жуўмақлаў имканияты 36 процентке баҳаланбақта.
«Тоттенхем» 17,5 процент пенен күшли төртликке кириўи күтилмекте, бул «Манчестер Юнайтед»тиң 18,9 процентлик итималынан сәл төменирек.
Қарақалпақстан хабар агентлиги