Еки мәрте Олимпиада ойынлары жеңимпазы Баҳодир Жалолов Париждеги Олимпиада ойынларында алтын медальды қолға киргизип, ҳәўескер бокстен кететуғынын жәриялады. Буннан тысқары, спортшы ендигиде оның салмағында ким беллесиўлерде қатнасатуғынын мәлим етти.

«Кейнимизде инилеримиз, атап айтқанда Жаҳонгир инимиз бар, (Жаҳонгир Зокиров) оған әўмет тилеймиз. Инимизге өзимиз көп нәрсени үйретип, қоллап-қуўатлап турыппыз. Кейинги Олимпиадада ол чемпион болады» деп ойлайман. Биз енди аўыр салмақты ҳеш кимге бермеўимиз керек», деди Жалолов.

Өзбек боксшиси Баҳодир Жалолов Олимпиадада ҳеш ким әмелге асыра алмаған исти орынлады. Оған шекем ҳеш ким супер аўыр салмақ категориясында еки мәрте Олимпиада алтын медалын қолға киргизбеген.

14-апрель күни «Humo Arena»да IBA’ның «Чемпионлар ақшамы» турнири болып өтти. Бул бокс кешесинде Баҳодир Жалолов та қатнасыўы керек еди. Бирақ спортшының жарақаты барлығы себеп оның орнын Жаҳонгир Зокиров ийеледи. Хорватиялы Смакичи Агронға қарсы беллескен жас өзбек спортшысы упайлар бойынша қарсыласын жеңген еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги