IT тараўында перспективалы бирге ислесиў кеңейтиледи

180

Санлы технологиялар министрлигинде Япония халықаралық бирге ислесиў банки баслығы Ҳаяши Нобумитсу басшылығындағы делегация ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.

Дәслеп, мийманлар Өзбекстанда IT тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар, сырт ел компаниялары ушын IT-Парк имканиятлары ҳәм салық жеңилликлери ҳаққында презентация өткерилди. Сондай-ақ, Бирден-бир интегратор – Uzinfocom жумысы менен жақыннан таныстырылды.

Сондай-ақ, Япония халықаралық бирге ислесиў банки баслықлары менен Япония ҳүкимети ҳәм инвесторларының қәрежетлерин қосқан ҳалда, информация технологиялары тараўына ҳәм басқа тараўлар бойынша үлкен жойбарларда қатнасыў арқалы Өзбекстандағы жумысын кеңейтиў бойынша усыныслар додаланды.

Ушырасыў даўамында еки тәреплеме пайдалы перспективалы бағдарлар, атап айтқанда, ИКТ мәселелеринде бирге ислесиўди кеңейтиўге итибар қаратылды.

 

Н.Раҳмонова,

ӨзА