Бизнес-омбудсман: Исбилерменлердиң ҳуқықлары исенимли қорғалмақта

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкили аппараты (Бизнес-омбудсман) тәрепинен исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша әмелге асырылып атырған илажларды, бирге ислесиў бағдарындағы жумысларды сәўлелендириў мақсетинде ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлер ушын пресс-тур шөлкемлестирилди.
Пресс-турдың тийкарғы мақсети – Президентимиздиң “Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен ашық-айдын пикирлесиўин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында”ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў, соның менен бирге, исбилерменлердиң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша әмелге асырылып атырған илажларды кең жәмийетшиликке жеткериўден ибарат.
Пресс-тур даўамында Бизнес-омбудсман баслығының орынбасары Жамшид Урунов, ўәкил аппаратының баспасөз хаткери, мәлимлеме сиясаты бойынша кеңесгөйи Гүлжамал Шукурова, Қарақалпақстан Республикасы секторы бас инспекторы Ерназар Досановлар тәрепинен Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлер ушын жаратылған шараятлар ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Қарақалпақстан Республикасында 2024-жылдың биринши ярым жыллығында жумыс ислеп турған исбилерменлик субъектлериниң саны 48,9 мыңға жетти. Олардан 27,4 мыңы хожалық жүргизиўши субъектлер (юридикалық тәреплер), 25,5 мыңы жеке исбилерменлик субъектлери болып табылады.
Атап өтилгениндей, ўәкил аппаратының Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен 2024-жылдың 6 айы даўамында исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, исбилерменлерден 261 мүрәжат келип түскен болып, олардың дерлик 80 проценти қанаатландырылды. “Тадбиркор виртуал офиси” мәлимлеме порталы арқалы 100 мүрәжат келип түсип, 86 сы көрип шығылды.
Исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша 97 тәсир шарасы қолланылды. Соннан 534 миллион сумлық 4 даўа арзасы, шағым, 2 усыныснама, 2 жуўмақ ҳәм 80 ҳәкимшилик шара илажлары көрилди.
Исбилерменлик жумысына тийисли нызамшылықлардың орынланыўы бойынша 4 қадағалаў уйымында үйрениўлер өткерилип, 204 нызамбузыў жағдайы анықланып, 4 лаўазымлы шахсқа ҳәкимшилик баянлама рәсмийлестирилди.
Журналистлер бир неше исбилерменлик субъектлериниң жумыслары менен танысты. Пресс-тур қатнасыўшылары дәслеп Әмиўдәрья районына алып барылды.
“Amudaryo tomorqa xizmat klasteri” ЖШЖ – аўыл хожалығы өнимлерин жетистиреди. Кәрхана 2018-жылы шөлкемлестирилген болып, 25 турақлы, 50 мәўсимлик жумысшысы бар. Кондитерлик өнимлерди ислеп шығарыўды шөлкемлестириўге мөлшерленген бул кәрхана 3,3 гектар жерде жайласқан. Ҳәзирги ўақытта бул жерде сырт елден сатып алып келинген үскенелерди орнатыў жумыслары әмелге асырылмақта. Қатнасыўшылар мийўе өнимлерин кептириў, дән өнимлерин, сүтти қайта ислеў, қадақлаў цехлары, музлатқыш, қоймахана ҳәм басқа да орынлардағы жумыслар менен танысып, қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Бул жерде Бизнес-омбудсман тәрепинен исбилерменниң субсидия алыў бойынша райондағы Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесине электрон тәризде жиберген арзасы қадағалаўға алынып, жәмийетке субсидия ажыратыў мақсетке муўапықлығы ҳаққындағы унамлы жуўмақ алыныўы тәмийинленген.
Кейинги мәнзил Нөкис қаласы Анасай мәкан пуқаралар жыйынындағы “Индиго Нөкис” ЖШЖ ға қараслы «Golden kids» мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарындағы жеке меншик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми болды.
Бул шөлкем 2018-жылы шөлкемлестирилген болып, 2022-жылы өз жумысын баслаған. 15 турақлы жумысшысы бар.
ЖШЖға ажыратылған кредит қаржылары туўралы жеңиллик қолланыў бойынша тийисли ҳүжжетлер топланып, көрип шығыў ушын бас банкке усыныс етилген. Бас банктиң тийисли шешимине тийкарланып кредит қайтарыўдың соңғы мүддети 2031-жылдың ноябрь айына шекем созылып берилиўи тәмийинленген.
Пресс-тур қатнасыўшылары бул жердеги жумысшылар ҳәм тәрбияланып атырған балалар ушын жаратылған шараятлар менен танысып, қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Пресс-тур қатнасыўшылары Кегейли районына алып барылып, олар райондағы “Kegeyli Textile” ЖШЖ ның жумыслары ҳәм онда жаратылған шараятлар менен де танысты. Бул кәрхана 2024-жылы өз жумысын баслаған. Кәрхана жылына 3 миллион дана кийим-кеншек тигиў қуўатлылығына ийе. Өнимлердиң тийкарғы бөлеги Қазақстан ҳәм Россияға экспорт етиледи. Быйылғы жылы кәрхана 504 мың долларлық экспорт көлемине ерискен ҳәм ишки базарда 1 миллиард 200 миллион сумлық өним сатқан. “Kegeyli Tex Group” ЖШЖ да ҳәзирги ўақытта 120 дан аслам жумысшы мийнет етпекте.
– Мен кәрхана ашылғанлы берли усы жерде жумыс ислеп атырман. Үш улым бир қызым, оннан аслам ақлығым бар. Алдынлары майда-шүйде алып сатып, саўда менен шуғылланатуғын едим. Үйимизге жақын усындай тигиўшилик кәрханасының ашылғаны бизлердей ҳаял-қызлар ушын жақсы болды. Көплеген ҳаял-қызлар жумыс пенен тәмийинленди. 1,5-2 миллион сумдай айлық аламыз. Хошаметлеў сыйлықларын да берип турады,-дейди Қурбангүл Даўлиева.
“Nitsa Nukus” ЖШЖ – туризм тараўы менен шуғылланады. 2007-жылы шөлкемлестирилген бул жәмийет 25 адамды турақлы жумыс пенен тәмийинлеген.
Бизнес-омбудсман тәрепинен оның жер салығы ушын белгиленген ставканың төрт есеси муғдарында есапланған салықты қайта есаплаў бойынша усыныснама киргизилип, нәтийжеде төрт есеси муғдарындағы салық бийкар етилген.
– “Nitsa Nukus” ЖШЖ баслығы А.Бекжанованың жәмийет пайдаланыўында болған жер майданы ушын белгиленген салық ставкасының төрт есеси муғдарында салық есапланыўынан наразы болып жиберген мүрәжаты үйренилди,-дейди Қарақалпақстан Республикасы секторы бас инспекторы Ерназар Досанов.
Анықланыўынша, “Nitsa Nukus” ЖШЖға мийманхана қурылысы ушын 34456,4 м2 жер майданын ажыратыў ҳаққындағы Нөкис қаласы ҳәкиминиң 2019-жыл 8-апрель күнги арнаўлы қарары әмелде болса да, бирақ кадастрлар палатасының “Kuchmas mulk-3” мәлимлеме системасында белгиленген жер участкасы ҳүжжетсиз, деп көрсетилиўиниң ақыбетинде Салық кодексиниң 429-статьясы тәртибинде белгиленген салық ставкасының төрт есеси муғдарында 213,6 миллион сум салық есапланған.
Исбилерменлик субъектиниң бузылған ҳуқықларын қайта тиклеў мақсетинде, есапланған салық қайта көрип шығылып, анықланған кемшиликлерди дурыслаў бойынша тийисли илаж көриў ҳаққындағы жуўмаққа тийкарланып, надурыс есапланған салық суммасының дурысланыўы тәмийинленди.
Пресс-тур қатнасыўшылары Нөкис қаласының арқа-шығыс тәрепиндеги Ашшыкөлдиң бойында жайласқан жәмийетке қараслы «Қарақалпақ аўыл»ға алып барылды. Бул жерде 11-августтан берли жоқары оқыў орынларының студент-жаслары ушын «Студентлер жазғы лагери» шөлкемлестирилген екен.
Профессор-оқытыўшылар тәрепинен студент-жаслардың бос ўақытларын мазмунлы ҳәм кеўилли өткериў мақсетинде ҳәр қыйлы спорт жарыслары, семинар тренинг ҳәм мәдений илажлар өткерилип атырған екен. Бул лагерь студент-жаслар арасында тәлим-тәрбия системасын жетилистириў, сондай-ақ, «Үшинши Ренессансқа қарай» принципи менен «Илимди қәдирлең, илимге умтылың!» сүрени тийкарында биринши мәрте шөлкемлестирилмекте.
“Nitsa Nukus” ЖШЖ баслығы А.Бекжанова бул жерде қарақалпақ халқының миллий үрп-әдетлери, дәстүрлери сәўлеленген көргизбелерди таныстырып, қарақалпақ қара үйиниң өзгешеликлери, халық дәстүрлери ҳаққында баҳалы мағлыўматлар берди.
Илаж даўамында қатнасыўшылар да өзлериниң пикир-усынысларын билдирип, усы бағдардағы жумысларды еле де жеделлестириў бағдарында бирге ислесиў бойынша келисип алынды.



Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги