2024-жыл 13-август күни Нью-Йорктеги Бас резиденциясында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясы бир аўыздан «Деградацияға ушыраған ҳәм қурғақшылық аймақларда  турақлы тоғайлықлар қурыў, терек егиў ҳәм оларды үгит-нәсиятлаў –экологиялық машқалаларға қарсы гүресиўдиң нәтийжели шешими» резолюциясын қабыл етти.

Бул ҳүжжет Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламасы менен мәмлекетимизде турмыста қолланылып атырған, қала ҳәм аўыл аймақларын көклемзарластырыў арқалы биологиялық көп түрлиликти сақлаў ҳәм тиклеўге қаратылған «Жасыл мәкан» миллий бағдарламасы концепциясы тийкарында ислеп шығылған.

Бул басламада мәмлекетимиз басшысының Бас Ассамблеяның 78-сессиясы ҳәм БМШ Климат бойынша 28-конференцияснда климат өзгериўи ҳәм жер деградациясына қарсы нәтийжели гүресиў бойынша билдирген тийкарғы усыныслары өз көринисин тапқан.

Резолюцияға 100 ден аслам ағза мәмлекетлер, соның ишинде Орайлық Азияның барлық мәмлекетлери, Әзербайжан, Австрия, Бельгия, Бахрейн, Венгрия, Германия, Италия, Иордания, Индонезия, Қатар, Қытай, Саудия Арабстаны, Латвия, Монголия, Марокаш, Оман, БАӘ, Пакистан, Португалия, Россия, Корея Республикасы, Түркия, Франция ҳәм дүньяның түрли регионларынан басқа мәмлекетлер де биргеликте авторлық етти.

                                                                                                                     ӨзА