Парламент жоқары палатасының елиў бесинши жалпы мәжилисин шақырыў сәнеси белгиленди

Олий Мажлис Сенаты Кенгашиниң гезектеги мәжилиси болып өтти. Мәжилисти Сенат Баслығы Танзила Нарбаева алып барды.
Онда Сенаттың елиў бесинши жалпы мәжилисин 2024-жыл 15-август күни шақырыў ҳаққындағы қарар қабыл етилди.
Атап өтилгениндей, видеоконференц байланыс системасынан пайдаланған ҳалда өткерилетуғын жалпы мәжилисте бир қатар мәселелерди додалаў нәзерде тутылған.
«Өзбекстан Республикасының Исбилерменлик кодексин тастыйықлаў ҳаққында»ғы Нызам, «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ҳаққында»ғы Конституциялық Нызам, «Жол ҳәрекети қәўипсизлиги системасы раўажландырылыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Жынаят, Жынаят- процессуал кодекслерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы ҳәм «Балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў ҳаққында»ғы нызамлар усылардың қатарына киреди.
Сондай-ақ, күн тәртибинен «Социаллық хызметлер ҳәм жәрдем көрсетиў системасы раўажландырылыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызам, бир қатар халықаралық ҳүжжетлерге қосылыў ҳәм Халықаралық мийнет шөлкеминиң конвенциясын ратификациялаў ҳаққындағы нызамлар да орын алған.
Гезектеги жалпы мәжилисте Өзбекстан ушын тийкарғы болған халықаралық рейтинг ҳәм индекслер дизимин тастыйықлаў мәселесин көрип шығыў, Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң суў ресурсларынан ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў, тараўдың басқарыў механизмлерин ҳәм нызамшылық базасын раўажландырыўға байланыслы илажлар орынланыўы бойынша мәлимлемесин тыңлаў да режелестирилмекте.
Жалпы мәжилисте Олий Мажлис Сенаты Кенгашиниң қарарларын тастыйықлаў мәселеси де көрип шығылады,- деп хабар бермекте senat.uz сайтында.
Қарақалпақстан хабар агентлиги