Францияның Париж қаласында болып өткен XXXIII Олимпиада ойынларының қатнасыўшылары салтанатлы күтип алынды.

…Ташкент халықаралық аэропорты әдеттегиден де толы. Бул жерде қолларында дәсте-дәсте гүл көтерген сулыў қызлар, ел байрағын көтерген жигитлер, жүзлеринен нур жаўып тураған нуранийлер, Олимпиада ойынларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған спортшыларымыздың ата-аналары, кең жәмийетшилик ўәкиллери жәмленген.

Биз қәлбинде қуўаныш ҳәм мақтаныш сезими толып-тасып турған, улының тарийхый нәтийжеси менен мақтанған, перзенти менен болажақ көрисиў ўақытларын ынтықлық пенен күтип атырған Баҳодир Жалоловтың анасы Сабоҳат Ёқубованы сәўбетке тарттық:























– Анығы улымның ҳәр қандай жеңисин үлкен толқынланыў менен қабыллайман. Ҳәзир де толқынланып атырман, етим жыбырлап кетпекте, балам Олимпиаданың еки мәрте чемпионы болды, – дейди Сабоҳат апа.  – Улымның жеңиси пүткил Өзбекстан халқын руўхландырып жиберди. Баҳодирдың Ўатанымыздың атын дүнья бойлап таратып атырғанынан, ел-халқымызға хызмет етип атырғанынан мақтанаман. Оның жеңиси мәмлекетимизде спортқа қаратылып атырған жоқары итибардың әмелдеги жарқын белгиси болып есапланады.

…Саат 21:10. Спортшыларымызды алып қайтып атырған арнаўлы авиалайнер Ташкентке қонғаны жәрияланды. Асығып күтилген демлер жетип келди. Пүткил дүнья нәзери қадалған Париж спорт ареналарында Өзбекстанның атын улығлаған спортшыларымыз мәмлекетимиз байрағын бийик көтерген ҳалда елимиз жерине қәдем қойды. Гернай-сурнай сазлары жаңлады. Дилбар қызлар оларға гүллер берди.

Салтанатлы мәресимде шығып сөйлеген Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты баслығы, Өзбекстан велосипед спорты федерациясы басшысы Танзила Норбоева ҳәм басқалар мәмлекетимизде жас әўладтың физикалық ҳәм руўхый жетик инсанлар болып камалға келиўи спорт пенен турақлы шуғылланыўы, өз қәбилет ҳәм потенциалын көрсетиўи ушын жаратылған шараятлар нәтийже берип атырғанын айрықша атап өтти. Халықаралық спорт дүньясында жаңа бет ашқан олимпиадашыларымызды жоқары жеңислер менен қутлықлады.

Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийеси болған спортшыларымыздың атынан шығып сөйлеген бокс бойынша Олимпиада ойынларының еки мәрте абсолют чемпионы Ҳасанбой Дўсматов ҳәм алтын медаль ийеси Диёра Келдиёрова бундай жоқары итибар ҳәм ғамхорлық ушын Президентимиз ҳәм халқымызға шын кеўилден миннетдаршылық билдирди. Келешекте буннан былай да жоқары жеңислерди қолға киргизиўге ўәде берди.

Қаҳарман спортшыларымыздың ата-аналарының атынан бокс бойынша Олимпиада ойынларының еки мәрте чемпионы, алтын медаль ийеси Баҳодир Жалоловтың анасы Сабоҳат Ёқубова, таэквондо бойынша Олимпиада чемпионы Улуғбек Рашитовтың анасы Оксана Даниленко шығып сөйлеп, барлық спортшыларымыз ҳәм ўатанласларымызды қутлықлады.

Буннан соң, Олимпиада ойынларында Өзбекстан спорт делегациясы есабына ең көп медаль алып берген бокс бойынша сайланды командамыздың бас тренери Толқын Қиличев ерисилген таңқаларлық нәтийжелер, спортшыларымыздың тарийхый жеңислерине тоқтап өтти.

– Бизди бундай үлкен салтанат пенен күтип алғанынан қуўанышлымыз,-дейди XXXIII жазғы Олимпиада ойынларының гүмис медалы ийеси Светлана Осипова. – Бул итибар ҳәм ғамхорлық келешекте және де жоқары табысларға ерисиўимизде қуўат болады.

– Жасларға жоқары исеним билдиретуғын, қандайда бир абырайлы жарысқа кетсе, салтанатлы шығарып салып, байрам етип күтип алатуғын мәмлекет бармақ пенен санаўлы. Жанажан Өзбекстанымыз ҳәмийше жоқары кейпиятта күтип алады. Ҳәзир қуўаныштан өзиме сыймай баратырман. Ҳәммеси ушын рахмет,-дейди XXXIII жазғы Олимпиада ойынларының еки мәрте жеңимпазы Улуғбек Рашитов. – Олимпиада тек ғана мен ушын емес,  ал пүткил сайланды командамыз ушын әўметли болды.

Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, Өзбекстан халық шайыры Сирожиддин Саййид жеңимпазларға бағышлап қосық оқыды.

Олимпиаданың жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери, қатнасыўшылары, олардың ата-аналары ҳәм жақынлары үсти ашық автобуста отырып, избе-из жолға шықты. Жеңимпаз спортшыларымызды күтип алыў ушын жыйналғанлардың  изи көринбейди. Олар жол шетинде қатар дизилип, спортшыларымызды қолларындағы байрақшаларды желбиреткен ҳалда тарийхый жеңис пенен қутлықлайды. Шексиз мақтанышқа толы қышқырықлар, алғыслардан етиңиз жыбырлап кетеди.

«Париж-2024»те Ўатынымыздың абырайын мүнәсип қорғаған спортшыларымыз Өзбекстан Миллий Олимпиада комитетине жетип келди. Гернай-сурнай сазлары  жаңлады. Жарқын жеңислери менен пүткил халқымызды қуўантқан спортшыларымызға зер шапанлар кийдирилди. Сондай-ақ, жеңимпаз ҳәм сыйлы орынды ийелеген спортшыларға  Президент саўғалары – “Chevrolet Tahoe”, “BYD Song Plus Champion (605 km, Flagship)” 81м “BYD Song Plus Champion (150 km, Flagship) автомобильлери, турақ жай гилтлери ҳәм ақшалай сыйлықлар тапсырылды.

Пүткиллей жаңаша тийкарда қурылған тәлим-тәрбия, спорт ҳәм мәденият дәргайларында заманагөй билим ҳәм кәсип-өнерлерди пухта ийелеген, еркин пикирлейтуғын, Өзбекстанның уллы келешегин өз күш-қуўаты, ақыл-ойы менен қуратуғын жас әўлад камалға келмекте. Олар абырайлы халықаралық жарысларда, Олимпиада ҳәм жәҳән чемпионатларында Өзбекстан жаслары ҳеш кимнен кем емеслигин ҳәм ҳеш қашан кем болмайтуғынын әмелде дәллилеп атырғаны ҳәммемизди қуўандырады.

«Париж – 2024»те жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийеси болған спортшыларымыздың көпшилиги 20-25 жаста. Олар ғәрезсизлик жылларында туўылып камалға келген, ғәрезсизлик имаратларында шуғылланған. Жасларымыздың жеңисин бақлап, тәлим-тәрбия ҳәм спорт тараўларында әмелге асырылған жумыслардың айқын нәтийжесин көресиз. Оны спортшыларымыздың тек ғана жазғы Олимпиада ойынларындағы қатнасы мысалында да көриў мүмкин. Итибар берсеңиз, елимиздиң жалынлы спортшылары жазғы Олимпиада ойынларынан ҳеш қашан медальсыз қайтпаған.

1996-жылы Атлантада болып өткен жазғы Олимпиада ойынларында спортшыларымыз биреўден гүмис ҳәм бронза медалы, 2000-жылы Сиднейде бир алтын, бир гүмис ҳәм еки бронза, 2004-жылғы Афина Олимпиадасында еки спортшымыз алтын, бир спортшы гүмис, үш спортшы бронза, 2008-жылғы Пекин Олимпиадасында бир алтын, еки бронза медалын қолға киргизген. «Рио-2016»да 4 алтын, 2 гүмис, 7 бронзаға ерискен олимпиадашыларымыз Токио Олимпиадасында 3 алтын ҳәм 2 бронза ийеси болды. Бул ретки Олимпиада ойынларында болса 8 алтын, 2 гүмис ҳәм 3 бронза медалына ийе болған спортшыларымыз Ғәрезсизлигимиздиң 33 жыллығына мүнәсип саўға таярлады.

Және бир факт. «Париж-2024»те дүньяның 206  мәмлекетинен 10 мың 714 спортшы қатнасты.  Олардың арасынан 84 мәмлекеттиң спортшылары ғана текшеге көтерилди. Алтын медалды қолға киргизгенлер және де аз – 62. Өзбекстан спортшылары болса 8 алтын, 2 гүмис ҳәм 3 бронза жәми 13 медаль жыйнап, улыўма командалық есапта 13-орынды ийеледи. Өзбекстан спорт делегациясы Азияда төртинши, ҒМДА мәмлекетлери ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери арасында биринши орынды ийеледи.

Боксшилеримиз 5 алтын менен Қытай, Қытай Тайпейи, Алжир, Куба, Ирландия, Қазақстан, Украина, Франция, Испания, Түркия, АҚШ ҳәм Әзербайжан сыяқлы бокс ең раўажланған мәмлекет спортшыларын артта қалдырды.

Президентимиздиң «2024-жыл Париж қаласында (Франция) болып өтетуғын XXXIII жазғы Олимпиада ҳәм XVII Паралимпиада ойынларына Өзбекстан спортшыларын комплексли таярлаў ҳаққында»ғы қарары спортшыларымыздың усы абырайлы жарыста жоқары нәтийжелерге ерисиўинде әҳмийетли қолланба болды.

XXXIII жазғы Олимпиада ойынларында Диёра Келдиёрова (дзюдо, -52 кг), Улуғбек Рашитов (таэквондо WT,-68 кг), Разамбек Жамалов (еркин гүрес, -74 кг), Ҳасанбой Дўсматов (бокс, -51 кг), Абдумалик Халоков (бокс, -57 кг), Асадхўжа Мўйдихўжаев (бокс, -71 кг), Лазизбек Муллажонов (бокс, -80 кг),  Баҳодир Жалолов (бокс, +92 кг) алтын медальды қолға киргизди. Акбар Жўраев (аўыр атлетика, -102 кг), Светлана Осипова (таэквондо WT, +67 кг) гүмис медаль менен сыйлықланған болса, Музаффарбек Тўрабоев (дзюдо, -100 кг) Әлийшер Юсупов (дзюдо, +100 кг) ҳәм Ғуламжан Абдуллаев (еркин гүрес, -57 кг) бронза медалына еристи.

XXXIII жазғы Олимпиада ойынларының ең әҳмийетли ўақыялары елимиз спорт ықласбентлери ушын дзюдо, таэквондо ҳәм бокс жарысларында бақланды. Ўатанласымыз Диёра Келдиёрова алтын медальды қолға киргизип, дзюдо спорты тарийхында жаңа бет ашқаны, таэквондо WT бойынша ҳаял-қызлар арасында Светлана Осипова гүмис медальға ерискени, Баҳодир Жалолов, Ҳасанбой Дўсматов, таэквондышымыз Улуғбек Рашитовтың екинши мәрте Олимпиада чемпионлығы текшесине көтерилиўи мәмлекетимиз спортының жаңа бети жазылыўын тәмийинледи.

Халқымыздың шексиз мақтанышына себеп болған, бәршемизди Ўатан абырайы жолында бирлестирген «Париж-2024» Олимпиада ойынларының жеңимпазлық салтанатлары Миллий олимпиада комитетинде жуўмақланған болса да, оның кейпияты, жалыны, жеңимпазлық самалы енди спортшыларымыз жасап атырған аймақларда, мәҳәлле ҳәм квартираларда даўам етеди.

Салтанатлы мәресимде Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Арипов қатнасты.

Жавоҳир ТОШХЎЖАЕВ,

Тўлқин РЎЗИЕВ,

ӨзАның хабаршылары