Премьера

Кабаре-французша сөз. Түрли жанрдағы эстрадалық актлерден ибарат бағдарламалар көрсетилетуғын орын. Әдетте қосықлар, бир сахналы спектакльлер, эскизлер, хореографиялық шығыўлардан ибарат болған жанр. Дүнья жүзинде бул жанр 19-әсирдиӊ 70-жылларында Европада пайда болған.

Быйылғы март айында шөлкемлестирилип, туӊғыш пердесин А.Володинниӊ «Қыймайман» спектакли менен ашқан республикамыздағы биринши «Муза» жеке театры өзиниӊ екинши мәўсимин ашты. Бул сапары театр жәмәәти республикамызда еле қол урылмаған жанр-кабаре жанрына мүрәжат етти. «Муҳаббат бәндиргиси» кабареси социаллық тармақлар арқалы тамашагөйлерден келген хатлар тийкарында сахналастырылған. Яғный, тамашагөйлер басынан өткерген муҳаббат қыссаларын, турмыстыӊ ойлы-бәлент жолларында жүз берген ўақыяларын хатларға түсирип жоллаған.

-Биз хатлардыӊ ийелери ким екенлигин билмеймиз. Хатлар аноним тәризде келген. Биз «Муҳаббат бәндиргиси» нин биринши бөлими ушын тамашагөйлерден келген хатлардан  алтаўын сайлап алып, сахналастырдық, – дейди сахналастырыўшы режиссёр Султанбек Қәллибеков.

Хатлар сөйлейди. Оларды оқысаӊыз әтирапымыздағы адамлардыӊ мыӊ сан түрли тәғдириниӊ гүўасы боласыз. Бирин оқып пикир етсеӊиз, бирине шүкирлик етесиз. Талантлы режиссёр тәрепинен сахналастырылған хатларды тамаша етер екенсиз, шынында да өмиримизде усындай ўақыялар жүз берип атырма деген сораўды бересиз. Аўа, өмирде не болмайды дейсиз. Бир саат даўам еткен спектакль даўамында тамашагөйлер турмыс шынлығын  бир демде тамашалады. Муҳаббатты қәдирлеў, кишкене ўатан деп аталған шаӊарақты муқаддес билиў, оны қорғаў, ата-аналық жуўапкершилигин сезиниў, перзентлер тәрбиясы ҳәм олардыӊ келешегине бийпәрўа болмаў керек екенлигин тамашагөйлердиӊ көзлеринен, олардыӊ көз жасларынан аӊлаў қыйын болмады. Сахнада болып атырған ўақыялар тамашагөйлерди сезимлер менен сырластырып, интелектуал эмпатияға шақырды.

Авторсыз хатлар тийкарында сахналастырылған спектакльде актёрлардан: Азиза Базарбаева, Гүлайым Сейтимова, Расул Тлемисов, Инкар Сәрсенбаева, Земфира Турсынбекова, Даўранбек Ешмуратов, Рахат Абдиреймов ҳәм ямахада шығармаға сай қосықлардыӊ намаларын шеберлик пенен шертип отырған жас талант ийеси Азимбек Қалбаевлар өзлерине берилген ўазыйпаларын табыслы атқарып шықты.

– Жаӊа стиль. Жаӊаша көз-қарас. Театрларымыз раўажланыў басқышына көтерилмекте. Дүнья театр жанрларыныӊ Қарақалпақстанда сахналастырылыўы көркем өнеримиздиӊ, әсиресе, театр өнериниӊ үлкен жетискенлиги, -дейди ϴзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Райхан Сапарова. –Театр жәмәәтине дөретиўшилик табыслар тилеймен. Актёрлар да өз рольлерин жүдә шеберлик пенен атқарды. Ондағы қосықлар да ўақыяларға сәйкес таӊланған. Және бир тәрепи қосықлар эстрада қосықшыларымыздыӊ репертуарларынан алынған.

Демек жолаўшыларды кейинги бәндиргилерде жаӊа тәғдирлер, жаӊа ўақыялар күтпекте.

Премьераға Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Б.Темирбаев қатнасты.

 

Гүлмира Палўанова, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигиниң баспасөз хаткери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги