Хызмет көрсетиў тараўын раўажландырыў мақсетинде Бухара ўәлаятындағы 62 массив ҳәм 54 көшени раўажландырыў илажлары тастыйықланды.
Хызмет көрсетиў тараўын раўажландырыў мақсетинде ўәлаяттағы 62 массив ҳәм 54 көшени раўажландырыў илажлары тастыйықланды.
Бул көшелер аўқатланыў, саламатлық, мийманхана, өнерментшилик, саўда ҳәм хызмет көрсетиўге қәнигелестириледи, оларда 4 мың исбилермен ушын шараят жаратылады ҳәм 6 мың халықтың бәнтлиги тәмийинленеди. Оларда кеминде 5 халықаралық мийманхана ҳәм аўқатланыў тармақларын жайластырыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.
Сондай-ақ, Президент санаат зоналарында жер ажыратыўды жеңиллестириў, оған хызмет көрсетиўди де қосыў усынысын қоллап-қуўатлады. Ҳәр бир районнан санаат ҳәм хызмет көрсетиўге 20 гектардан жерлерди белгилеп, жойбарларды әмелге асырыўға көрсетпе берилди.
Буннан былай қурылған хызмет көрсетиў орынларын сатып алыў ушын өз-алдына кредит түри жолға қойылады. Жуўапкерлерге «хызмет ипотекасы»н енгизип, кредит ажыратыўды баслаў тапсырылды.
ӨзА