Күн тәртибиндеги тийкарғы мәселелер – Бухара ўәлаяты мысалында исбилерменлерге көбирек шараят жаратыў, ҳәр бир районды қәнигелестириў, энергиядан ақылға уғрас пайдаланыў, жасыл дәреклерди көбейтиў, район уйымларын нәтийжели ислеўге үйретиў көрип шығылды.

Еки ай алдын Бухараға сапарында барлық машқалалардың шешими көрсетилип берилген еди. Сапардан кейин ўәлаятқа 1,4 триллион сум ажыратылды. Бүгин Президент тәрепинен қол қойылған қарарларға муўапық ўәлаятқа исбилерменлик ушын қосымша 60 миллион доллар, инфраструктураға 40 миллион доллар ажыратылады.

Ўәлаят ҳәкими, оның орынбасарлары, район ҳәкимлери оған мүнәсип ислеп, орынлардағы шөлкемлер алдына анық ўазыйпа, хызметкерлерге  KPI белгилеп, ҳәр күни анық нәтийжеге ерисиўи кереклиги көрсетип өтилди.

Келешекте ҳәр бир тармақ ҳәм ўәлаяттағы ҳақыйқый жағдай усы тәризде талланып, додалаў өткерилиўи белгиленди.

ӨзА