Жуўапкерлер Сайхунабад, Уйчи, Зарбдор ҳәм Ғиждуўан тәжирийбеси бойынша төмен көрсеткишке жол қойған барлық басшыларға жаза қатты болатуғыны ҳаққында ескертилди.
Сайхунабад ҳәм Уйчи тәжирийбелеринде кемшиликлерге жол қойған жуўапкерлерге жуўапкершилик илажларын көриў, қалақлықларды сапластырыў тапсырылды.
Зарбдор тәжрийбеси тийкарында ҳәр бир район ҳәм қалада кеминде 5 еўден «драйвер» жойбарды қәлиплестириў, Ғиждуўан тәжрийбеси тийкарында 1 мың мәҳәллени өзинде «жоқарыға өсетуғын» (вертикал) санаат имаратлары жойбарларын таярлап, жыл жуўмағына шекем иске түсириў ўазыйпасы қойылды.
Улыўма, тәжрийбелердиң ҳәр бири бойынша жуўапкерлерге анық KPI белгиленип, орынланыўы бойынша қатаң сораў орнатылатуғыны белгиленди.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Бухара ўәлаятына етилген сапар нәтийжелилигин арттырыў, альтернатив энергия дәреклерин енгизиў ҳәм санаат кәрханалары ушын тартымлы шараятлар жаратыў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.
ӨзА