Өзбекстан ең тез пәт пенен өсип атырған мәмлекетлер қатарына кирди

248

БМШтың Электрон ҳүкиметти раўажландырыў индексиниң соңғы үш жыллық рейтинги нәтийжесине бола, Өзбекстан өткен дәўирде 18 текше жоқарылап, 195 мәмлекет ишинде 69-орынға көтерилди.

Нәтийжеде Өзбекстан ең тез пәт пенен өсип атырған мәмлекетлер қатарына кирди.

Сенат мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, бул халықаралық рейтинг көрситкишлери тийкарында Өзбектсандағы мәмлекетлик, хожалық ҳәм жергиликли басқарыў ҳәкимияты уйымларында санлы трансформация жағдайын рейтинг баҳалаў методикасы ислеп шығылған. Бул методика турақлы түрде қәлиплестирилип барылмақта.

2023-жылдың биринши ярым жыллығы жуўмағы бойынша санлы трансформация жағдайын рейтинг баҳалаў процесинде 43 мәмлекетлик уйым, 38 хожалық уйымы, 14 жергиликли ҳәкимлик , жәми 95 мәмлекетлик шөлкем қамтып алынды.

Рейтинг баҳалаў жумыслары 5 бағдарда- ашықлық ҳәм электрон қатнасыў; электрон мәмлекетлик хызметлери; мәлимлеме қәўипсизлиги; жумыстың санластырылғаны; шөлкемлестирилген мәселелер бойынша әмелге асырылды.

ӨзА