Пикир: Субсидия ажыратыў тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў зәрүр…

Ѳзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен “Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен ашық-айдын пикирлесиўин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында”ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Шымбай районында жумыс ислеп турған бир қатар фермер хожалықларыныӊ жумыслары үйренилди.
Басқарманыӊ бѳлим баслығы Б.Қутлымуратов райондағы фермерлер менен орынларда тиккелей ушырасып, олардың жумысларында ушырасып атырған машқалалар ҳәм әмелге асырылыўы тийис жаңа жойбарлар бойынша пикир-усынысларын тыңлады.

― Суўды үнемлеўши үскенелерди орнатыў аўыл хожалығы кәрханалары ушын ҳәр бир гектар майданға 25 миллион сумнан туўра келеди. Белгиленген тәртип бойынша суўды үнемлеўши технологияларды орнатқанлығы ушын ҳәр бир гектарға 9-10 миллионнан субсидия ажыратылыўы белгиленген. Усы субсидия қаржыларын алыўда талап етилетуғын ҳүжжетлердиң түрлерин азайтып, субсидия ажыратыў жумысларын илажы барынша әпиўайыластырыў зәрүр,-дейди ушырасыў даўамында фермер хожалығы ийелери.
Мағлыўмат ушын, орынлардан исбилерменлер тәрепинен билдирилген усыныслар Республика ШТАБ ына киргизилип, тийисли тәртипте үйренип шығылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги