Жынаятлар менен гүресиўде ҒМДАға ағза мәмлекетлер ишки ислер министрликлери арасындағы бирге ислесиў күшейеди

319

Өзбекстан Республикасы ишки ислер министри, генерал-лейтенант Полат Бабажанов басшылығындағы делегация Минск қаласында болып өткен ҒМДАға ағза мәмлекетлер ишки ислер министрлери кеңесиниң гезектеги мәжилисинде қатнасты .

Кеңес мәжилисинде Әзербайжан, Беларусь, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Россия Федерациясы ишки ислер министрликлери басшылары, сондай-ақ, ҒМДАға ағза мәмлекетлер аймағында шөлкемлескен жынаятшылық ҳәм басқа қәўипли жынаятшыларға қарсы гүресиўди муўапықластырыў Бюросы, Дослық аўқамы мәмлекетлериниң атқарыў комитети ҳәм Контртеррор орайының жуўапкерлери қатнасты.

Тәреплер ҒМДА шеңбериндеги көп тәреплеме ҳәм еки тәреплеме бирге ислесиўдиң тийкарғы мәселелери, сондай-ақ, ҒМДА мәмлекетлери ишки ислер министрликлери кеңеси шеңберинде қабыл етилген 2024-2028- жылларда жынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша биргеликтеги илажлар бойынша Мәмлекетлераралық бағдарламаны әмелге асырыўға байланыслы мәселелерди додалады.

Илаж процесинде бир қатар мәселелер бойынша тийисли хүжжетлерге қол қойылды. Мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда жүз берген жынаятлар менен гүресиў тараўында ҒМДАға ағза мәмлекетлер ишки ислер министрликлери арасындағы бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары, кибержынаятларға қарсы гүресиў мәмлекетлераралық мәлимлеме бирге ислесиўин жетилистириў ҳәм басқалар усылардың қатарына киреди.

Дослық ҳәм конструктивлик руўхта өткен илажда тәреплер бул форматтағы ушырасыўлар уйымлар арасындағы бирге ислесиўди беккемлеўге хызмет етип атырғанын айрықша атап өтти.

ӨзА