Қарақалпақстанда мәкан пуқаралар жыйынлары тәрепинен өткерилген 10 млрд сумға шамалас тендер саўдаларында нызам бузылыў жағдайлары анықланған

154

Қарақалпақстан Республикасында мәҳәллелердиң инфраструктурасын жетилистириў, халықтың турмыс шараятларын және де жақсылаў, мәҳәллелерди социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўға қаратылған бағдарламалардың орынланыўын ҳәм машқалалардың нәтийжели және тез шешилиўин қаржылай ҳәм материаллық жақтан тәмийинлеў мақсетинде қор есабынан 2023-жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасындағы 452 мәкан пуқаралар жыйынларының ҳәр бирине 500 млн сумнан қаржы қаратылыўы белиленген.

Жоқарыдағыларға муўапық, Қарақалпақстан Республикасындағы мәкан пуқаралар жыйынлары тәрепинен улыўма баҳасы 10 млрд сумға шамалас таңлаўларды өткериўде «Бәсеки ҳаққында» ҳәм «Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында»ғы нызамшылық ҳүжжетлерине тийкарланып, усынысларды баҳалаў нормасы (сатып алыў комиссиялары тәрепинен келип түскен усынысларға балл белгилеў нормаларын ислеп шықпаған) талапларының бузылыўына жол қойылғанлығы анықланды.

Үйрениўлердиң нәтийжелерине бола, Қарақалпақстан Республикасы Бәсеки комитети тәрепинен  белгиленген тәртипте 48 ис қозғатылып, тийисли илажлар көрилди.

Бүгинги күнде Комитет тәрепинен «Бәсеки ҳаққында»ғы ҳәм «Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында»ғы Нызамлардың талаплары бойынша өткерилген тендер саўдалары бойынша үйрениў жумыслары даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги