Сиясий илаж қызғын даўам етпекте

144

ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен қолтаңба жыйнаў жумыслары Нөкис Олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайында да шөлкемлестирилди.

Усы орайда жәм болған партияның 100 ден аслам белсендилери мәмлекеттиң экономикалық раўажланыўында әҳмийетли орын тутқан, өзлерине исеним билдирген партияның сайлаўда қатнасыўын қоллап-қуўатлап қолтаңба қойыў процесинде белсене қатнасты.

Қолтаңбаларды жыйнаў процесинде сайлаўшылар тәрепинен партияның өткен жылларда исбилерменликти раўажландырыў, жоқары билимлендириў ҳәм мектепке шекемги билимлендириўде жеке сектордың үлесиниң артыўы менен жүзеге келген саламат бәсеки, билимлендириўдиң сапасының өсиўи, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, соған байланыслы нызамшылықты жетилистириў ҳәм  сайлаўшылар менен ашық-айдын еки тәреплеме байланысларда көтерилген машқалаларды шешиў бағдарындағы әмелий жумыслар айрықша атап өтилди.

Әсиресе, қолтаңба бериўге келген сайлаўшылар “Ўәде емес, нәтийже, ертең емес, бүгин!” деген сүрен менен сайлаўға кирип киятырған партияның әмелий жумысларын атап өтип, бәршени сайлаў процесслеринде белсендилик көрсетиўге шақырды.

– Бүгин орайымызда партия ўəкиллери быйылғы сайлаўлардың ɵткен сайлаўдан айырмашылығы, Сайлаў кодекси бойынша толық түсиник берди,-дейди Нɵкис Олимпия ҳəм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайы директорының орынбасары А.Низанов.

Жаңа стратегиясы ҳәм жаңа идеясы менен халықтың ишине кирип барыўды мақсет еткен ӨзЛиДеП ти қоллап-қуўатлаған ҳалда ɵз қолтаңбамды қойдым. Усы жылдың  27-октябрь күни парламентке ҳəм жергиликли Кеңеслерге болып ɵтетуғын сайлаўда бәршени белсене қатнасыўға шақырып қаламан.

Елимизде даўам етип атырған сиясий илаж, қолтаңба жыйнаў орынларда қызғын даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги