Республикамыз қурылысшылары кәсиплик байрамын белгиледи

136

Мәмлекетимиз басшысының Аралбойы аймағын социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратып атырған айрықша итибары ҳәм ғамхорлығы нәтийжесинде ҳәзирги күнде кең көлемли қурылыс ҳәм дөретиўшилик жумыслары алып барылмақта.

2024-жылдың Инвестиция бағдарламасы шеңберинде 61 социаллық тараў ҳәм басқа да объектлердиң қурылысы белгиленген,-дейди Қарақлапақстан Республикасы Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министри ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшысы Азимжан Қурбонбоев. – Соннан, 6 денсаўлықты сақлаў, 35 улыўма билимлендириў мектеби, 8 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, 4 спорт ҳәм 8 басқа объектлер қурылады.

Республикамызға ажыратылған жәми 1 триллион 141 миллиард сумның 47 проценти қаржыландырылған болып, соннан ҳәзирги күнге шекем 149,3 миллиард сумлық жумыслар көлеми орынланған. Қурылыс-оңлаў жумыслары лимитке салыстырғанда өзлестириў 57 процентти қурамақта. Сондай-ақ, 35 улыўма билимлендириў мектебиниң объекти, 8 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми қаржыландырылып ҳәзирги күнде бул объектлерде қурылыс монтажлаў жумыслары жеделлик пенен әмелге асырылмақта.

Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 30-аперельдеги «2024-жылы ипотека кредитлерин ажыратыў механизмлерин жетилистириў ҳәм халықтың турақ жай шараятларын жақсылаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққындағы»ғы пәрманының орынланыўы бойынша қабыл етилген Бағдарлама шеңберинде республика бойынша Нөкис қаласы ҳәм 15 районда жәми 4 мың 336 квартирарлы 114 көп қабатлы турақ жай қурылысы белгиленген.

Республикамыз қурылысшылары өзиниң кәсиплик ҳәм мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң отыз үш жыллық байрамын мүнәсип күтип алмақта. Әсиресе, ең уллы, ең әзиз байрам алдында қала ҳәм районлар орайларында, шетки аймақларда заманагөй турақ жайлар, социаллық тараў объектлери бой тиклемекте.

Президентимиздиң мәмлекетимиз қурылысшыларына жоллаған байрам қутлықлаўынан руўхланған тараў ўәкиллери және де күш-ғайрат ҳәм жигерлик пенен мийнет етиўге бел байлаған.

Даўыт Абибуллаев, Мақсет Ҳабибуллаев (сүўрет),

Қарақалпақстан хабар агентлиги