“Қаўын сейили” фестивалында жеңимпазлар сыйлықланды

173

 Усы жылдың 9-11-август күнлери Хорезм ўәлаятының Хийўа қаласында болып өткен “Қаўын сейили”не республикамыз аўыл хожалығы тараўы хызметкерлери де мүнәсип қатнасып, “Ең жақсы презентация” номинациясы бойынша жеңимпаз деп табылды.

Фестивальда мәмлекетимиздиң барлық орынларынан тараў хызметкерлери, фермер ҳәм дийқанлар қатнасты. Мәмлекетимизде жетистирилген бир-биринен мазалы түрли палыз өнимлери қатнасыўшылар менен сырт елли мийманларда айрықша қызығыўшылық оятты.

Жеңимпазларға Дамас автомашинасы, диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги