12-август-“Халықаралық жаслар күни” мүнәсибети менен Қазақстанның Бейнеў районы ҳәкиминиң кубоги ушын “Жайдарман” қуўнақлар ҳәм зийреклер  жарысында республикамыздың “Алмаз” командасы биринши орынды ийеледи.

Жарысқа Қазақстанның бир қатар ўәлаятларынан ҳәм бизиң республикамыздан 8 команда қатнасты. Қызықлы өткен жарыс жуўмағында республикамыздың “Алмаз” командасы биринши орынды ийелеп, кубок жеңимпазы болды. Екинши орынды майдан ийелери “Бейнеў”, үшинши орынды Жаңа өзенниң “ӨзенМунайГаз” командалары қолға киргизди.

Жарыс жеңимпазы “Алмаз” командасына кубок ҳәм 1 миллион теңге ақшалай сыйлық тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги