Сенат Комитетинде Нызамды додалаў: енди ҳәким жергиликли Кеңес баслығы бола алмайтуғыны белгиленбекте

143

Сенаттың Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитетиниң мәжилиси болып өтти.

Онда «Жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясында жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияттың конституциялық тийкарлары жетилистирилгени мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызам додаланды.

Мәжилисте Комитет ағзалары, экспертлер топары ағзалары, Бас прокуратура, Әдиллик министрлиги, Омбудсман, Адвокатлар палатасы ўәкиллери, Жаслар парламенти ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңесиниң тийисли турақлы комиссияларының басшылары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Жаңа редакциядағы Конституцияда жергиликли Кеңеслердиң мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкиллик уйымлары сыпатындағы ролин күшейтиўдиң әҳмийетли екелигине, сондай-ақ, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының және де нәтийжели моделин жаратыў зәрүрлигине айрықша итибар қаратылған.

Усы көзқарастан, додаланған Нызам менен жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысы жаңа Конституция принциплерине муўапықластырылмақта.

Атап айтқанда, ҳәким ҳәм жергиликли Кеңес баслығы лаўазымлары бир-биринен ажыратылып, енди ҳәким жергиликли Кеңес баслығы бола алмайтуғыны белгиленбекте.

Нызам менен ўәлаят, район, қала ҳәкими ўәкилликлери ҳәм ўазыйпаларына айырым өзгерислер киргизилмекте, оған бола ҳәким өз кандидатурасын көрип шығыўда жергиликли Кеңеске аймақты раўажландырыў бағдарламасын усынатуғыны атап өтилмекте.

Соның менен бирге, Нызамда жергиликли Кеңес баслығының ўәкилликлери де кеңейтилетуғыны нәзерде тутылған. «Кеңес сораўы» ҳәм «Кеңес тексериўи» институтларының енгизилиўи белгиленбекте.

Додалаў даўамында сенаторлар тәрепинен усы Нызам жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының және де нәтийжели ҳәм демократиялық системасын жаратыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Сондай-ақ, Нызам жерлигикли Кеңеслердиң мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкиллик уйымы сыпатындағы ролин күшейтетуғыны, ҳәкимлер ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының халық алдындағы жуўапкершилигин арттыратуғыны, аймақлық машқалаларды және де нәтийжели шешиўди тәмиийнлейтуғыны атап өтилди.

Қызғын додалаўлардан соң Комитеттиң тийисли қарары қабыл етилди, деп мәлимлеме береди сенат.уз

Қарақалпақстан хабар агентлиги