Президент Шавкат Мирзиёев Париж Олимпиадасында өз салмақ категорияларында барлық қарсыласларын жеңип, алтын медальларды қолға киргизген ҳәм еки мәрте олимпиада чемпионына айланған таэквондошымыз Улуғбек Рашитов ҳәм боксшимиз Ҳасанбой Дўсматов пенен телефон арқалы сөйлести.

Мәмлекетимиз басшысы спортшыларды қызғын қутлықлап, сайланды командамыз тәрепинен бир күн ишинде Олимпиаданың еки алтын медалын қолға киргизилгени Өзбекстан спорты ушын тарийхый ўақыя болғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Жигитлеримиздиң исенимли шығыўлары, жоқары шеберлиги ҳәм мәртлиги ҳақыйқый қаҳарманлық үлгиси болғаны, Жаңа Өзбекстанның жаслары нелерге уқыплы екенин көрсеткени, халқымызға үлкен күш ҳәм мақтаныш бағышлағанын атап өтти. Тренерлери, ата-анасы ҳәм жақынларына миннетдаршылық билдирди.

Улуғбек Рашитов ҳәм Ҳасанбой Дўсматов айрықша итибар ҳәм жоқары исеним спортшыларға барлық шараятлар жаратылғаны ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирип, жеңислерин Жаңа Өзбекстанға бағышлайтуғынын айтты.

ӨзА