Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жумыслары Германия баспасѳзинде жәрияланды

Алдын хабар бергенимиздей, Ѳзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен елимизде киши ҳәм орта бизнести раўажландырыў мақсетинде Германия Федеративлик Республикасынан 20 жылдан аслам тәжирийбеге ийе халықаралық эксперт – Бартелт Реинхард усы жылдыӊ май айында басқармада жумыс алып барған еди.
Германияныӊ «LIEDERBACH» баспасѳзинде оның Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының жумыслары туўралы мақаласы берилди.
– Әҳмийетлиси, Б.Реинхард Қарақалпақстандағы әмелий сапарынан бир қанша унамлы тәсирлер менен қайтты. Сонлықтан болса керек, ол кеӊ кѳлемли мақаласы арқалы Германияныӊ «LIEDERBACH» баспасѳзинде Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының жумыслары ҳәм елимиздеги исбилерменлик орталығы бойынша ѳзиниӊ жақсы пикирлерин айтып ѳтти.
Буннан тыскары, ол өз мақаласында Карақалпақстанда бизнести қоллап – қуўатлаў мақсетинде Германия Саўда-санаат палатасы менен бирге ислесиўди жолға қоймақшы екенлигин, елимизге және де кеминде еки мәрте келип, стартаплар ҳәм жаңа бизнес басламаларды қоллап-қуўатлаўға өз үлесин қоспақшы екенлигин билдирген,-дейди басқарманың мәлимлеме хызмети баслығы Б.Худайназарова.
Әлбетте, бул нәрсе еллер арасындағы қатнасықлардың және де беккемлениўине хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги