Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев  9-август күни Астана қаласында Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов пенен ушырасыў өткерди.

Өзбекстан менен Түркменстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де бекеммлеў мәселелери көрип шығылды.

Усы жылы июль айында Ташкентте болып өткен Ҳүкиметлераралық комиссия ҳәм Исбилерменлер кеңесиниң гезектеги мәжилислери, сондай-ақ, Түркместан өнимлери көргизбесиниң нәтийжелери миннетдаршылық пенен атап өтилди.

Өз-ара саўда көлемин арттырыў ҳәм экономиканың тийкарғы тармақлары, соның ишинде, санаат, энергетика, аўыл хожалығы, транспорт тараўларында кооперация жойбарларын алға қойыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Аймақлараралық қатнасықларын кеңейтиў ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыў бағдарламаларын жақсылаў әҳмийетлилиги атап өтилди.

Регионаллық күн тәртибиндеги мәселелер бойынша да пикир алысты.

ӨзА