Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтиң басшылығында өткен илажда Қырғызстан Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмон, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов, сондай-ақ, ҳүрметли мийманлар сыпатында Әзербайжан Президенти Илҳам Алиев ҳәм БМШтың Орайлық Азия ушын превентив дипломатия бойынша регионаллық орайы басшысы Каха Имнадзе де қатнасты.
Күн тәртибине муўапық, регионда көп тәреплемели бирге ислесиўди және де кеңейтиў, соның ишинде, сиясий қарым-қатнасты раўажландырыў, саўда, инвестициялар, транспорт, энергетика, аўыл хожалығы ҳәм экология тараўларында биргеликтеги бағдарлама ҳәм жойбарларды алға қойыў, мәдений-гуманитарлық алмасыўды жеделлестириў, сондай-ақ, заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы илаж көриў мәселелери додаланды.
ӨзА