Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мәмлекетлик сапар менен Қазақстан Республикасында болып турыпты.

Астана қаласындағы Ақорда резиденциясында 8-август күни Өзбекстан Ресрпубликасы Президенти Шавкат Мирзиёевты рәсмий күтип алыў мәресими болып өтти.

Жоқары мәртебели мийманның ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты. Өзбекстан ҳәм Қазақстанның мәмлекетлик гимнлери атқарылды. Еки мәмлекет жетекшилери ҳүрметли сап алдынан өтти.

Рәсмий күтип алыў мәресиминен соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Респуликасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың тар шеңбериндеги ушырасыўы болып өтти.

Сәўбет алдынан мәмлекетимиз басшысы қызғын қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, бул мәмлекетлик сапары тарийхый әҳмийетке ийе екенин, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўға қаратылғанын атап өтти.

Кейинги жыллары товар алмасыў көлеми еки есеге, биргеликтеги кәрханалардың саны бес есеге көбейди, жүк тасыў көлеми артпақта, ири кооперация жойбарлары әмелге асырылмақта.

Жаслар сиясаты ҳәм мәлимлеме майданын қәлиплестириў тараўында тығыз бирге ислесиўди раўажландырыў зәрүрлиги атап өтилди. Бул бағдарда комплексли бирге ислесиў бағдарламасын таярлаўға келисип алынды.

Еки мәмлекет парламентлери палаталарының қатнасыўында Парламентлераралық форумның шөлкемлестирилиўи қоллап-қуўатланды.

Товар алмасыў көлемин, бәринен бурын, өз-ара базарларды қәлиплестириў ҳәм үшинши мәмлекетлерден импорттың орнын басыў есабынан және де арттырыўға айрықша итибар қаратылды.

Усы мәнисте, ҳүкиметлерге айдың ақырына шекем товар алмасыў көлемин 10 миллиард долларға жеткериў бойынша өз алдына бағдарлама қабыл етиў тапсырылды.

Санаат кооперациясын раўажландырыў мақсетинде усы саммитке шекем улыўма баҳасы 7 миллиард долларлық жаңа келисим ҳәм шәртнамалар портфели ислеп шығылды.

Олардың арасында энергетика, транспорт ҳәм логистика, металлургия, тоқымашылық, аўыл хожалығы ҳәм қурылыс тараўларында, сондай-ақ, аймақлар арасындағы жойбарлар бар.

Сырдәрья ўәлаятында Халықралық санаат кооперациясы орайының қурылысын жеделлестириў ҳәм ол жерде кәрханаларды жайластырыўға келисип алынды.

Ири жойбарларды қаржылай қоллап-қуўатлаў мақсетинде Биргеликтеги инвестициялық қорды шөлкемлестириў мәселеси үйрениледи.

Транзит жүк тасыў ушын қолайлы шараятларды тәмийинлеў, биргеликтеги логистикалық комплекслерди қурыў, еки мәмлекет арасында автомобиль ҳәм темир жол жөнелислерин раўажландырыў мәселелери додаланды.

Мәмлекет басшылары тәреплерди қызықтырған регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша да пикир алысты.

Буннан соң Ақорда резиденциясында Өзбекстан Респубдикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың басшылығында Мәмлекетлераралық жоқары кеңестиң биринши мәжлиси болып өтти.

Мәмлекетимиз басшысы Қазақстан басшысы ҳәм халқына қызғын қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирди ҳәм бул күн Өзбекстан-Қазақстан бирге ислесиўи тарийхында айрықша әҳмийетке ийе екенлигин атап өтти.

-Бүгин биз Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң биринши мәжилисин өткермектемиз. Бул мәмлекетлеримиз арасында стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлары раўажланыўында тарихый ўақыя есапланады,- деди Шавкат Мирзиёев.

Соңғы жылларда Өзбекстан-Қазақстан қатнасықлары жоқары пәтте раўажланғаны айрықша атап өтилди.

Сапар шеңберинде Ҳүкиметлераралық комиссия ҳәм Исбилерменлер кеңеси мәжилислери, бизнес форум, сиясий мәсләҳәтлесиўлер, аналитикалық орайлардың форумы, интеллектуаллық ойынлар табыслы өткерилди. Кино күнлери, көргизбелер, концертлер ҳәм басқа көплеген илажлар даўам етпекте.

Еки мәмлекет басшылары 2024-2025-жылларға мөлшерленген стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық бағдарламасы қабыл етилгенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Бул бағдарлама Өзбекстан-Қазақстан дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларында жаңа сапа басқышы басланғанын аңлатады.

Мәжилис даўамында мәмлекетимиз басшысы бир қатар әҳмийетли ўазыйпаларды көрсетип өтти.

Бәринен бурын, халықаралық структуралар шеңберинде позицияларды муўапықластырыў ҳәм улыўма мәплерди нәтийжели алға қойыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Сөйлесиўлердиң нәтийжелилигин арттырыў, Парламентлераралық форумды шөлкемлестириў, Экспертлер кеңесиниң қызғын жумысын даўам етиў бойынша келисимге ерисилди.

Товар алмасыўдың көлемин жақын жылларда 10 мың миллиард долларға жеткериў имканиятлары толық додаланды. Усы мақсетте айдың ақырына шекем айрықша бағдарлама қабыл етиледи. Онда базарларды өз-ара қәлиплестириў,  шеклеўлерди сапластырыўға айрықша итибар қаратылады.

Мәмлекетимиз басшысы санаат кооперациясының жаңа стратегиясын қабыл етиў зәрүрлигин атап өтти.

Тәреплер кеше болып өткен бизнес-форумы ҳәм исбилерменлик ушырасыўларының жуўмақлары бойынша 7 миллиард долларлық  салмақлы келисимлерге қол қойылғанын унамлы баҳалады.

Гәп энергетика, логистика, қурылыс, химия, электротехника, тоқымашылық, агросанаат ҳәм басқа тараўлардағы бирге ислесиў ҳаққында бармақта.

Халықаралық санаат кооперциясы орайын иске қосыўды жеделлестириў ҳәм перспективалы жойбарларды қаржылай қоллап-қуўатлаў ушын биргеликтеги қорды шөлкемлестириў мәселесин үйрениўге келисип алынды.

Экономикалық бирге ислесиўдиң ҳақыйқый ҳәрекетлендириўши күши болған аймақлар арасындағы байланыслар стратегиялық шерикликтиң әҳмийетли бағдарларының бири сыпатында белгиленди.

Форумды барлық ўәлаятлар ҳам орайлық қалаларды қамтып алған ҳалда Аймақлар кеңесине айландырыў ҳәм оның мәжилисин гүзде Самарқандта өткериўге қарар етилди. Ҳүкиметлерге анық келисимлерге ерисиў ушын аймақларға өз-ара сапарлар кестесин тастыйықлаў тапсырылды.

Энергетика қуўатлылықлары ҳәм инфраструктурасын қурыў, альтернатив энергия дәреклерин раўажландырыў бойынша жойбарларды биргеликте әмелге асырыўға таярлық билдирилди. Ири регионаллық жойбарларды, бәринен бурын, Қамбарата ГЭС қурылысын таярлаў жумыслары жеделлестириледи.

Транспорт ҳәм транзит тараўында исбилерменлер топарларын тартқан ҳалда еки мәмлекет арасында жаңа транспорт коридорларын қурыў жойбарларын ислеп шығыўға келисип алынды. Буннан тысқары, заманагөй логистика инфраструктурасын жаратыў жумысларын күшейтиў әҳмийетли екени  атап өтилди.

Регионда суўдан пайдаланыў мәселелерине бирден-бир көзқарас бар екенлиги атап өтилди. Исенимли ҳуқықый базаны қәлиплестириў, суў хожалығы объектлерин автоматластырыў ҳәм санластырыў жумыслары даўам еттириледи.

 

Мәденият, билимлендириў, жаслар ҳәм туризм тараўларындағы алмасыўларды раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.

-Усы күнлерде Астанада Өзбек киносы күнлери, көргизбелер, фестиваллар, концертлер өткерилмекте. «Заковат» интеллектуаллық ойыны табыслы өтти. Бундай илажлар жасларымызды және де жақынластырады, оларды улыўмалық тарийхымыз ҳәм қәдириятларымыз бенен жақыннан таныстырады,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў бойынша 2024-2025- жылларға мөлшерленген илажлар режеси де усыған хызмет етеди.

Тәреплер Орайлық Азияда интеграция ҳәм бирге ислесиўди тереңлестириў тәрепдары екенлигин тастыйықлады. Атап өтилгениндей, Мәсләҳәт ушырасыўы регион алдында турған ўазыйпаларды биргеликте шешиў ҳәм узақ мүддетли перспективаға мөлшерленген регионаллық күн тәртибин ислеп шығыўдың нәтийжели механизмине айланды.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, Түркий мәмлекетлер шөлкеми, Аралды қутқарыў халықаралық қоры ҳәм басқа структуралар шеңберинде тығыз ҳәм ашық сөйлесиўди даўам еттириўге таярлық билдирилди.

Сөйлесиўлер жуўмағында Шавкат Мирзиёев Қасым-Жомарт Тоқаевты Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң екинши мәжилисин өткериў ушын Өзбекстанға сапар менен келиўге мирәт етти.

Сапар бағдарламасы шеңберинде Астана қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти Қазақстан Республикасының «Алтын Қыран» («Алтын бүркит» ) ордени менен сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Туўысқан елдиң жоқары мәмлекетлик сыйлығын Өзбекстан жетекшисине Президент Қасым-Жомарт Тоқаев салтанатлы түрде тапсырды.

Мәмлекетимиз басшысы көп миллетли Өзбекстан халқы атынан қызғын миннетдаршылық билдирип, бундай үлкен сыйлық еки халықтың көп әсирлик ҳақыйқый дослық ҳәм жақсы қоңсышылық байланысларын беккемлеў бойынша биргеликтеги ис-ҳәрекетлерге берилген баҳа, сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Қазақстан қатнасықларын жаңа тарийхый басқыш –стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық дәрежесине алып шығыўға қарай бирдей умтылыслардың тән алынғанлығын атап өтти.

«Алтын Қыран» жоқары ордени менен мәмлекетлик ғайраткерлер Қазақстан менен дослық қатнасықларын беккемлеўге қосқан үлкен үлеси ушын сыйлықланады.

Еки тәреплеме сөйлесиўлер жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев Алмата қаласында Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты ҳәм Шыршық қаласында М.Әўезов атындағы Қубла Қазақстан мәмлекетлик университетиниң филиалларын салтанатлы түрде ашты.

Өзбек ҳәм қазақ жоқары оқыў орынлары филиалларының өз-ара ашылыўы еки туўысқан ел арасындағы көп тәреплемели қатнасықлардың жедел раўажланып атырғанынан дәрек береди.

Бул жоқары билимлендириў мәкемелеринде талап жоқары болған техникалық бағдарлар бойынша тәжирийбели кадрлар таярланады.

 

Өзбекстан ҳәм Қазақстан жетекшилери «Сиань- Хорғос- Алмата –Сарыағаш-Ташкент» жөнелиси бойынша биринши жүк поездиниң жетип келиўине бағышланған мәресимде де қатнасты.

 

Жүк поезды Сиань қаласындағы  Қазақстан – Қытай терминалынан «Хорғос» қурғақ портына жол алды. Ол жерде контейнерлер қайта артылды ҳәм Қазақстан темир жоллары бойлап «Сарыағаш» станциясы арқалы соңғы мәнзилге –«Ташкент» станциясына жиберилди.

Бул жөнелис жүк тасыў ўақытын қысқартып, саўда көлемин арттырыўға күшли түртки береди.

Мәмлекетлераралық жоқары кеңестиң биринши мәжилиси жуўмағында еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойыў мәресими болып өтти.

Жоқары мәмлекетлер аралық кеңестиң биринши мәжилисиниң жуўмағында еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойыў мәресими болып өтти.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев Биргеликтеги протокол ҳәм Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң 2024-2034-жыллардағы стратегиялық шериклик аўқамласлық бағдарламасын тастыйықлаў ҳәм Сыртқы ислер министрлери кеңесин дүзиў ҳаққындағы қарарларына қол қойды.

Сапар шеңберинде еки тәреплеме бирге ислесиўдиң кең көлемли мәселелерин қамтып алған ҳүжжетлер топламы қабыл етилди. Олар:

– Мәмлекетлик шегара режими ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисим;

– Мәмлекетлик шегара арқалы өткериў пунктлери ҳәм халықаралық автомобиль қатнаўы ҳаққындағы ҳүкиметлер аралық келисимлерге қосымшалар киргизиў ҳаққындағы протоколлар;

– 2024-2025-жыллары мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық илажлар режеси;

– Аўыл хожалығы тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;

– Денсаўлықты сақлаў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;

– Экономика министрликлери арасындағы бирге ислесиў ҳаққында протокол;

– Тәбийғый монополияларды тәртипке салыў ҳәм бәсеки сиясаты тараўындағы бирге ислесиў ҳаққындағы протоколлар;

– Өзбекстан-Қазақстан Экспертлер кеңесин дүзиў ҳаққында меморандум;

– Өзбекстан Республикасы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм дослық байланыслары комитети ҳәм Қазақстан Республикасы Отандастар қоры арасында өз-ара аңласылыў ҳаққында келисим;

– 2024-2026-жыллары Ташкент қаласы ҳәкимлиги ҳәм Астана қаласы ҳәкимлиги арасында саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша әмелий ҳәрекетлер режеси.

 

Ғалаба хабар қураллары ўәкиллери менен ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев болып өткен сөйлесиўлердиң жуўмақларына түсиник берди.

Өзбекстан басшысы биргеликтеги системалы ҳәм әмелий ис-ҳәрекетлер себепли Өзбекстан-Қазақстан бирге ислесиўин аўқамласлық қатнасықларындай ең жоқары басқышқа алып шығыўға ерисилгенин үлкен миннетдаршылық пенен атап өтти.

Биз көп тәреплемели қатнасықларымызда жаңа бет аштық- Мәмлекетлераралық жоқары кеңестиң биринши мәжилисин өткердик. Бул формат мәмлекетлераралық бирге ислесиўдиң ең жоқары дәрежесиниң көриниси болып, мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыздың тығыз байланыслары, олардың барлық бағдарларда бирге ислесиўди беккемлеўге исенимли умтылысын айқын көрсетеди.

Сөйлесиўлер ўақтында парламентлердиң еки палатаның қатнасыўында Парламентлераралық форум шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды. Бирге ислесиўдиң және бир жаңа түри – Сыртқы ислер министрлери кеңесин шөлкемлестириў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Саўда, санаат кооперциясы, энергетика, транспорт, аўыл ҳәм суў хожалығы, мәденият тараўларындағы бирге ислесиўди және де тереңлестириў бойынша анық келисимлерге ерисилди.

Биргеликтеги протоколға қол қойылды ҳәм ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди және де беккемлеўге қаратылған 2024-2034-жылларға мөлшерленген Стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық бағдарламасы қабыл етилди.

Сөйлесиўлерде аймақлараралық қатнасықларды жақсылаўға айрықша итибар қаратылды. Жетекшилер еки мәмлекеттиң барлық ўәлаятларын қамтып алған ҳалда Аймақлараралық бирге ислесиў форумын Аймақлар басшылары кеңесине айландырыў басламасын алға қойды.

Айдың ақырына барып товар алмасыў көлемин кескин арттырыўға қаратылған  комплексли бағдарлама қабыл етиледи. Тәреплер, сондай-ақ, жаңа инвестициялық жойбарларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў ушын Халықаралық санаат кооперациясы орайының қурылысын тезлетиўге келисип алды.

Буннан тысқары, тийкарғы бағдарлардағы биргеликтеги жойбарларды қаржыландырыў мақсетинде Өзбекстан-Қазақстан инвестициялық қорын шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.

Сөйлесиўлер күн тәртибинен транспорт ҳәм логистика тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери әҳмийетли орын ийеледи. Жүк тасыў көлемин арттырыў ушын максимал дәрежеде қолайлы шараятларды жаратыў, автомобиль ҳәм темир жолларды қурыў ҳәм модернизациялаўды жеделлестириў бойынша анық илажлар додаланды.

Және бир стратегиялық бағдар азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў. Еки мәмлекет аймағында аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәм жеткерип бериў бойынша анық келисимлерге ерисилди.

Суўдан пайдаланыў ҳәм қоршаған-орталықты қорғаў тараўларында бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары белгилеп алынды.

Трансшегаралық суў ресурсларынан биргеликте пайдаланыў мәселеринде тығыз бирге ислесиўди даўам еттириўге келисип алынды.

 

Мәденият, жаслар, туризм, илим, билимлендириў ҳәм спорт тараўларындағы бирге ислесиўди беккемлеўге айрықша итибар қаратылды.

Тәреплер регионаллық ҳәм халықаралық платформалар, соның ишинде, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, ШБШ, ҒМДА, Түркий мәмлекетлер шөлкеми, Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңес, «Орайлық Азия плюс» форматлары шеңбериндеги басламаларды өз-ара қоллап-қуўатлаўды даўам еттиреди.

9-август күни Астана қаласында болып өтетуғын Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының гезектеги Мәсләҳәт ушырасыўы экономикалық интеграция ҳәм пүткил регионның жедел раўажланыўына күшли пәт бағышлайтуғыны айрықша атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында Шавкат Мирзиёев мәмлекетлик сапар жуўмақлары ҳәм ерисилген келисимлер Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы дослық ҳәм жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын ҳәр тәреплеме беккемлеўге хызмет ететуғынына исеним билдирди.

Буннан соң Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев Астана қаласында өзбек халқының уллы перзенти, шайыр ҳәм ойшыл Әлийшер Наўайы естелигин салтанатлы түрде ашты.

Мәмлекетимиз басшысы Қасым-Жомарт Тоқаевтың Әлийшер Наўайыға естелик орнатыў басламасы ушын шын кеўилден миннетдаршылық билдирип, Қазақстан пайтахты орайында саўлатлы естелик қурылғаны қазақ халқының туўысқан Өзбекстанға болған терең ҳүрметиниң жарқын көриниси екенин атап өтти.

– Уллы философ ҳәм гуманист шайыр Әлийшер Наўайының дөретиўшилик мийрасы тек ғана өзбек халқына емес, ал пүткил дүньяға тийисли бийбаҳа байлық болып есапланады. Наўайы шығармалары XVI әсирде-ақ италян ҳәм немис тиллерине аўдарылған болса, ҳәзирги күнде дүньяның дерлик барлық тиллеринде жаңламақта. Әсирлер даўамында турмыстың өзине тән энциклопедиясы болған оның дөретиўшилиги миллионлаған инсанларды таң қалдырып, руўхландырып келмекте,-деди Өзбекстан Президенти.

Ҳәзирети Әлийшер Наўайының үлкен хызмети сонда, ол өзбек әдебиятының ҳәм өзбек әдебий тилиниң тийкаршысы.

Естелиги Ташкенттиң орайлық майданларынан бирин безеп турған қазақ халқының уллы перзенти, қазақ әдебиятының классик шайыры Абай Қунанбаев Шығыстың басқа уллы шайырлары қатарында Әлийшер Наўайыны да өзиниң устазы деп билген.

Наўайы ҳәм Абай дөретиўшилиги әдебият, дослық, муҳаббат ҳәм садықлық қосығы болып есапланады. Олардың философиялық көз қараслары миллеттиң руўхый жоқарылаўында бийбаҳа дәрек болып есапланады.

2020-жылы марҳум қазақ шайыры Несипбек Айтулы Әлийшер Наўайының ең әҳмийетли шығармасы – «Хамса»ны қазақ тилине аўдарып, басып шығарды ҳәм бул китапқа алғы сөз жеке Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев тәрепинен жазылды.

– Әлийшер Наўайы естелиги еки халық арасындағы дослық ҳәм туўысқанлық байланысларының және бир айқын белгисине айланады, оның мийрасы болса және көплеген әўладларды уллы жетискенликлерге илҳамландыратуғынлығына исенимим кәмил,-деди сөзиниң соңында Өзбекстан Президенти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Астана қаласына сапары шеңберинде Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан көркем өнер шеберлериниң «Дослық кешеси» салтанатлы концертинде қатнасты.

Илажда Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғызстан Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳман, саммиттиң ҳүрметли мийманы Әзербайжан Президенти Илҳам Алиев те қатнасты.

Фольклор-этнографиялық ансамбллер ҳәм эстрада қосықшыларының рең-бәрең шығыўлары, миллий қосық ҳәм ойынлар халықларымыздың бирлиги ҳәм мәдений жақынлығын айқын көрсетеди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың Қазақстан Республикасына мәмлекетлик сапары даўам етпекте.

ӨзА